‏ Isaiah 31

Мысырға үмит байламаў туўралы

1Жәрдем сорап Мысырға кеткенлер,
Атларға исенгенлер,
Көп болғаны ушын саўаш арбаларына,
Жүдә күшли болғаны ушын шабандозларға,
Үмит байлағанлар, ҳәсирет шегеди!
Олар Израилдың Мухаддесине жүз бурмады,
Жаратқан Ийеден кеңес сорамады.
2Бирақ Жаратқан Ийе де дана.
Ол бахытсызлық жаўдырар, Өз сөзин қайтарып алмас.
Жаўызлық ислеўшилердиң үйине қарсы көтерилип,
Қылмыскерлерге жәрдем бериўшилерге қарсы шығар.
3Мысырлылар – Қудай емес, адам,
Олардың атлары – руўх емес, денеден ибарат.
Жаратқан Ийе қолын көтерсе, жәрдем бериўши сүрнигип,
Жәрдем алыўшы қулап, екеўи де набыт болады.

4Себеби Жаратқан Ийе маған былай деди:
«Арысланға, аўлаған аўының басында ырылдаған жыртқыш арысланға,
Бир топар шопан қарсы шықса да,
Арыслан олардың бақырғанынан қорқпайды,
Шуўласқанынан сескенбейди.
Әлемниң Жаратқан Ийеси де урысыў ушын,
Сион таўына ҳәм оның төбелерине түсип келеди.
5Қуслардың қанат жайып,
Өз палапанларын қорғағаны сыяқлы,
Әлемниң Жаратқан Ийеси де,
Ерусалимди қорғайды.
Ол оны қорғайды, қутқарады,
Реҳим етип, азат қылады».

6Ҳәй израиллылар, өзлериңиз өжетленип бас тартқан,
Жаратқан Ийеге қайтыңлар.
7Себеби сол күни ҳәр бириңиз,
Өз қолларыңыз бенен гүнаға батып,
Гүмис ҳәм алтыннан ислеген жалған қудайларыңыздан жүз бурасыз.

8«Ассириялылар адамдики болмаған қылыштан қулайды,
Адамзаттики болмаған қылыштан өледи.
Олар қылыштан қашады,
Жас жигитлери қул болады.
9Қорқыўдан жығылар олардың жартасы,
Сәркәрдалары байрақты көрип, титиресер».
Оты Сионда,
Ошағы Ерусалимде болған Жаратқан Ийе усылай дейди.
Copyright information for KaaIBT22C