Isaiah 32
Әдил патша
1Мине, патша әдиллик пенен патшалық етип,Ҳүкимдарлар әдалатлық пенен басқарады.
2Олардың ҳәр бири самалдан қорғайтуғын бастырмадай,
Даўылдан бас саўғалайтуғын панадай болады.
Олар шөлдеги ағын суўға,
Кеўип шөллеген жердеги үлкен жартастың саясына уқсайды.
3Енди көретуғынлардың көзлери жумылмайды,
Еситетуғынлар қулақ қояды.
4Ойсызлар түсиниўди үйренеди,
Сақаўлар тутлықпай, анық сөйлей алады.
5Буннан былай, ақмақ ҳасылзада, деп шақырылмас,
Ҳийлекер ҳүрметке ылайықлы, деп айтылмас.
6Ақмақ бийәдеплик пенен сөйлейди,
Нийети жаманлық ислеўден ибарат.
Ол зорлық ислейди,
Жаратқан Ийеге тил тийгизеди,
Ашларды аш қалдырып,
Шөллегенге суў бериўден бас тартады.
7Ҳийлекердиң усылы жаўыз,
Жарлының даўасы ҳақ болса да,
Оны жалған сөзлер менен жоқ етиў ушын,
Жаўыз жобалар дүзеди.
8Ал ҳасылзадалар ҳасыл жобалар дүзип,
Ҳасыл ислер ушын беккем турады.
Жазалаў ҳәм қутқарыў
9Ҳәй, еркин жасап атырған ҳаяллар,Орныңыздан турып, даўысымды еситиң!
Ҳәй, бийғам қызлар,
Мениң сөзиме қулақ салың!
10Ҳәй, бийғам ҳаяллар,
Бираз жылдан кейин титиресесиз,
Себеби жүзим ҳасыл бермес,
Мийўе жыйын-терими болмас.
11Ҳәй, еркин жасап атырған ҳаяллар, титиресесиз!
Ҳәй, бийғам қызлар, қалтырасасыз!
Кийимлериңизди шешип таслап,
Азалап, белиңизди буўып алың.
12Өнимдар атызлар ушын,
Ҳасылы мол жүзим шақалары ушын,
Көкирегиңизди мушлап урып, аза тутың.
13Тикен ҳәм жантақлар басып кететуғын,
Халқымның жери ушын,
Қуўанышқа толы үйлер,
Шадлыққа толы қалалар ушын жылаңлар.
14Өйткени сарайлар таслап кетилип,
Шаўқымлы қала бос қалады.
Қорған ҳәм минаралар мәңгиге қыйралып,
Қуланлардың қуўанышына,
Маллардың жайлаўына айланады.
15Үстимизге жоқарыдан Руўх төгилгенше,
Шөл өнимдар атызға айланғанша,
Өнимдар атыз әжайып бағ деп саналғанша усылай болады.
16Кейин шөлде әдалат мәкан басып,
Әдиллик өнимдар атызда жасайды.
17Әдилликтиң мийўеси тынышлық,
Нәтийжеси аманлық ҳәм мәңгилик қәўипсизлик болады.
18Халқым тыныш орынларда,
Қәўипсиз үйлерде,
Рәҳәт бағышлайтуғын жерлерде жасайды.
19Тоғай пүткиллей жоқ болса да,
Қала жер менен жексен етилсе де,
20Сизлер бахытлы боласызлар!
Ҳәр бир дәрья жағасында егин егесиз,
Өгиз ҳәм ешеклерди бос жибересиз.
Copyright information for
KaaIBT22C