Isaiah 33
Жәрдем сорап жалбарыныў
1Ҳәй, өзи ўайран етилмеген,Ўайран етиўши, ҳәсирет шегесең!
Ҳәй, өзине сатқынлық исленбеген,
Сатқынлық етиўши, ҳәсирет шегесең!
Ўайран етип болғаныңнан кейин,
Өзиң де ўайран етилесең,
Сатқынлық етип болғаныңнан кейин,
Өзиңе де сатқынлық исленеди.
2Жаратқан Ийе, бизлерге реҳим ет!
Бизлер Саған үмит байладық.
Ҳәр таңда бизге күш-қуўат берип,
Қыйыншылыққа ушырағанымызда қутқара гөр!
3Қүдиретли даўысыңнан халықлар қашып кетер,
Орныңнан турғаныңда, миллетлер пытырап қашар.
4Олжаңыз шегирткелер жеп таслағандай жоқ болар,
Адамлар үлкен шегирткелер топарының топылғанындай олжаға бас салар.
5Жоқарыда мәкан қурған Жаратқан Ийе уллы!
Толтырар Ол Сионды әдалатлық ҳәм әдилликке.
6Ол сениң дәўириңниң беккем тийкары болып,
Мол етип қутқарылыў, даналық ҳәм билим берер.
Жаратқан Ийеден қорқыў – бул ғәзийне.
7Мине, батырлары көшелерде пәрияд етер,
Парахатшылық елшилери зар еңиреп жылар.
8Үлкен жоллар босап қалар,
Жолаўшылар ол жолдан жүрмес.
Питимлер бузылып, ишкен антларынан таяр,
Адамлар қәдирин жойтар.
9Жер қурғап, кеўип барар,
Лебанон тоғайлары уяттан қуўрап қалар.
Шарон тегислиги шөлге уқсап қалып,
Башан ҳәм Кармелдеги ағашлар жапырақларын төгер.
Жаратқан Ийениң халықларға ескертиўи
10«Енди орнымнан тураман,– дейди Жаратқан Ийе, –
Көтерилип, даңқымды шығараман.
11Сизлер пишенге ҳәмиледар болып, сабан туўасыз.
Демиңиз өзлериңизди жалмап жутатуғын отқа айланады.
12Халықлар жанып күл болады,
Кесилип, отқа жағылған тикендей болады.
13Ҳәй узақтағылар, не ислегенимди еситиң!
Ҳәй жақындағылар, қүдиретимди билиң!»
14Сиондағы гүнакарлар қорқыўға түсип,
Қудайсызларды титиреў бийлеп алды.
Олар былай дейди:
«Жалмайтуғын оттың жанында қайсысымыз жасай аламыз?
Мәңги жанып турған жалын жанында қайсысымыз орналаса аламыз?»
15Ҳадал жасап, туўры сөйлеген,
Зорлық пенен алынған пайдадан жеркенген,
Қолын пара алыўдан тыйған,
Қанхорға қулақ түрмеген,
Жаманды көрмеў ушын көзлерин жумған,
16Бундай адам бийикликлерде жасайды.
Жартаслардағы қорғанлар оның панасы болады,
Оның наны мол болып, ҳеш қашан суўсыз қалмайды.
Уллы патшаның ели
17Көзиңиз патшаны пүткил гөззаллығы ишинде көрип,Узақларға созылған үлкени шолып өтер.
18Өткен қорқынышлы күнлер ҳаққында ойлап:
«Салық жыйнаған қай жерде?
Салықты өлшеп алған қай жерде?
Минараларды санаған қай жерде?» – дейсең.
19Буннан былай, гәпине түсинбейтуғын,
Басқа тилде сөйлейтуғын,
Сол тәкаббир халықты көрмейсиз.
20Байрамларымыз белгиленетуғын Сион қаласына қара!
Көзлериң тыныш мәканды,
Беккем шатыр болған Ерусалимди көреди.
Оның қазықлары ҳеш қашан орнынан суўырылмайды,
Бирде бир жиби үзилмейди.
21Кең дәрьялар ҳәм сайлар ағып турған жерде,
Қүдиретли Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болады.
Олардан ескекли кемелер де,
Желқомлы кемелер де өте алмайды.
22Жаратқан Ийе бизиң қазымыз,
Ол бизлердиң нызам шығарыўшымыз.
Жаратқан Ийе бизиң патшамыз,
Ол бизлерди қутқарады.
23Ҳәзир кемелериңиздеги жиплер жуқарып,
Олар өрликти услап тура алмайтуғын,
Желқомды да аша алмайтуғын болса да,
Ўақты келгенде үлкен олжа бөлинеди,
Ҳәтте, ақсақлар да олжасын алады.
24Сион турғынларының ҳеш бири: «Мен кеселмен» – демейди,
Ол жерде жасаған халықтың гүнасы кешириледи.
Copyright information for
KaaIBT22C