Isaiah 34
Миллетлер үстинен ҳүким
1Ҳәй миллетлер, жақынырақ келип, қулақ салың!Ҳәй халықлар, дыққат аўдарың!
Жер ҳәм оны толтырып турғанлар,
Дүнья ҳәм онда туўылғанлардың барлығы еситсин!
2Жаратқан Ийениң пүткил миллетлерге қәҳәри келип,
Олардың пүткил ләшкерлерине қарсы ғәзеби лаўлады.
Ол оларды пүткиллей жоқ қылып,
Баўызлаў ушын тапсырды.
3Олардың өликлери далаға ылақтырып тасланып,
Ширип, сасып жатады,
Таўлар олардың қанына былғанады.
4Пүткил аспан денелери ширип кетеди,
Аспан орама қағаздай шыйырылады.
Жүзим ағашының жапырағындай,
Әнжир ағашының жапырағындай болып,
Ондағы пүткил барлық солып төгиледи.
5Жаратқан Ийе былай дейди:
«Қылышым көклерде қанға тойды.
Енди, қылышым жазалаў ушын Эдомның үстине,
Пүткиллей жоқ қылыўды қарар еткен халықтың үстине түседи».
6Жаратқан Ийениң қылышы қанға тойынып ҳәм майға былғанып,
Қозы менен текениң қанына,
Қошқардың бөтеке майына тойған.
Жаратқан Ийениң Босрада қурбанлығы бар,
Эдом жеринде уллы қырғын болады.
7Жабайы буғалар, таналар ҳәм күшли буғалар да,
Олар менен бирге қулайды.
Олардың жери қанға суўғарылады,
Топырағы майға тояды.
8Себеби бул күн Жаратқан Ийениң өш алыў күни,
Сионның даўасы ушын өш алатуғын жыл болады.
9Сонда Эдомның дәрьялары қара майға,
Топырағы күкиртке,
Жери жанып турған қара майға айланады.
10Ол күни-түни өшпей,
Түтини мәңгиге көтерилип турады.
Сол жер әўладтан-әўладқа қаңырап, бос қалады.
Енди ҳеш қашан ол жерден ҳеш ким өтпейди.
11Узақша ҳәм кирпитикенлер ол жерди ийелеп алып,
Қулақлы жапалақ ҳәм ғарғалар мәкан басады.
Жаратқан Ийе оның үстинен тәртипсизлик жибин,
Ўайран болыў аспа режесин тартады.
12Ақсүйеклери сол жерде патшалық жоқлығын айтады,
Пүткил ҳүкимдарлары жоқ болып кетеди.
13Оның сарайларына тикенлер,
Қорғанларына жантақ ҳәм ошағанлар өсип,
Сағаллардың мәканына,
Үкилердиң баспанасына айланады.
14Ол жерде жабайы ҳайўанлар сыртланларға дус келеди,
Теке мәңиреп бир-бирин шақырады.
Түнде жанзатлар сол жерде дем алып, тыным табады.
15Байыўлылар сол жерге уя салып,
Мәйек басып шығарып,
Палапанларын қанаты астына жыйнайды.
Шайқуслар да сол жерде жуп-жубы менен топланады.
16Жаратқан Ийениң китабынан оқып, излең:
Булардан ҳеш бири жоғалмайды,
Ҳеш бири жупсыз қалмайды.
Себеби бул буйрық Жаратқан Ийениң аўзынан шықты,
Оның Руўхы оларды жыйнайды.
17Жаратқан Ийе олар ушын шек таслады,
Өз қолы менен жерди өлшеп берди.
Олар сол жерди мәңгиге ийелеп,
Әўладтан-әўладқа сол жерде жасайды.
Copyright information for
KaaIBT22C