‏ Isaiah 35

Азат болғанлардың Сионға қайтыўы

1Шөл ҳәм қурғақ аймақ қуўанады,
Қула дүз шадланып, наргиз киби гүллейди.
2Жайнап гүллеп шадланады, шадланып бақырысады.
Оған Лебанонның даңқы,
Кармел ҳәм Шаронның салтанаты бериледи.
Олар Жаратқан Ийениң даңқын,
Қудайымыздың салтанатын көреди.
3Ҳәлсиз қолларға күш берип,
Қалтыраған дизелерге қуўат бериң.
4Қоянжүреклерге былай деңлер:
«Мәрт болың, қорқпаң!
Қудайыңыз өш алыўға,
Есесин қайтарыўға келип,
Сизлерди қутқарады».

5Сонда соқырлардың көзлери,
Гереңлердиң қулақлары ашылады.
6Ақсақ адам кийиктей секирип,
Гүңелек шадланып бақырады.
Шөлден қайнар булақлар шығып,
Қула дүзде сайлар ағады.
7Қайнаған шөл көлге айланып,
Шөллеген дала булақларға толады.
Сағаллар мәкан басқан жерлерде,
Көк шөп, қамыс ҳәм жекен өседи.

8Сол жерде дәрбент жол болып,
Ол «Мухаддес жол» деп аталады.
Напәклер оннан өтпейди,
Ақмақлар да ол жолға аяқ баспайды.
Ол тек Қудайдың халқының жолы болады.
9Ол жерде арыслан болмайды,
Ҳеш қандай жабайы аңлар да ол жолға шықпайды,
Олар ол жерден табылмайды.
Ол жолдан қутқарылғанлар ғана жүреди.
10Жаратқан Ийениң азат еткенлери изге қайтады,
Қосық айтып Сионға қайтып келеди.
Олар мәңгилик қуўаныш тажын басларына кийеди.
Қуўаныш ҳәм шадлыққа толып тасып,
Қайғы ҳәм ғам-тәшиўиш қашып кетеди.
Copyright information for KaaIBT22C