‏ Isaiah 36

Санхерибтиң Ерусалимди қорқытыўы

1Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды. 2Соңынан Ассирия патшасы бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Ол келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳәўизге суў қуйылатуғын жерде тоқтады. 3Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах оны қарсы алыўға шықты. 4Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди:

– Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит артып турсаң?
5Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге сүйенип, маған қарсы бас көтерип турсаң? 6Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай. 7Бәлким маған: „Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит байлаймыз“, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: „Тек мына қурбанлық орында сыйыныңлар“, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?» 8Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң? 9Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба? 10Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: «Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет», – деди.

11Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди:

– Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспең.

12Бас ўәзир оларға:

– Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди, – деди.
13Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды:

– Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
14Патша былай дейди: «Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди қутқара алмайды. 15Ол: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди“, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин».

16Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: «Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди. 17Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен. 18Хизкия: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады“, – деп алдамасын. Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған? 19Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайымның қудайлары қайда? Самарияның қудайлары Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма? 20Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?»

21Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди. 22Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.
Copyright information for KaaIBT22C