Isaiah 37
Хизкияның Ийшая пайғамбардан кеңес сораўы
1Патша Хизкия буларды еситкенде, кийимлерин жыртты ҳәм аза кийимлерин кийип, Жаратқан Ийениң Үйине барды. 2Ол аза кийимин кийген сарай басқарыўшысы Элякимди, хаткер Шебнаны ҳәм жасы үлкен руўханийлерди Амос улы пайғамбар Ийшаяға жиберди. 3Олар Ийшаяға былай деди: – Хизкия былай дейди: «Бүгинги күн азап, жаза ҳәм масқарашылық күни. Себеби бала шығайын деп аўызға тақалып турғаны менен, туўыўға күши жоқ ҳаялға уқсаймыз. 4Бәлким, тири Қудайды ақыретлеў ушын мырзасы, Ассирия патшасы жиберген бас ўәзирдиң барлық сөзлерин Қудайың Жаратқан Ийе еситкен шығар ҳәм усы еситкен сөзлери ушын оларды жазалар. Сонлықтан тири қалғанлар ушын дуўа ет». 5Патша Хизкияның хызметкерлери патшаның сөзлерин Ийшаяға жеткизгенде, 6Ийшая оларға былай деди: – Мырзаңызға былай деп айтыңлар: «Жаратқан Ийе былай дейди: Ассирия патшасының хызметкерлериниң Мени масқаралап айтқан сөзлеринен, яғный өзиң еситкен сөзлерден қорқпа. 7Мине, Мен оған бир руўх жиберемен. Сонда ол бир хабар еситип, өз елине қайтып кетеди. Мен оны өз елинде қылыш пенен өлтиртемен». 8Ассирия патшасының бас ўәзири изине қайтып, өз патшасын Либна қаласына қарсы урысып атырған жеринен тапты. Себеби ол Ассирия патшасының Лахиштен шегингенин еситкен еди. 9Ассирия патшасы Хабашстан патшасы Тирҳақаның өзине қарсы урысқа атланғанын еситип, Хизкияға және елшилерин жиберип былай деди: 10– Яҳуда патшасы Хизкияға былай деп айтыңлар: «Сүйенген Қудайың сени: „Ерусалим Ассирия патшасына тәслим болмайды“, – деп алдамасын. 11Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң?! Енди сен қутылып қалмақшымысаң? 12Ата-бабаларым ўайран еткен Гозан, Харан, Ресеф ҳәм Телассардағы Эденде жасаған халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма? 13Хамат ҳәм Арпад патшалары қәне? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўа қалаларының патшалары қәне?»Хизкияның дуўасы
14Хизкия хатты елшилердиң қолынан алып оқығаннан соң, Жаратқан Ийениң Үйине барды ҳәм хатты Жаратқан Ийениң алдына жайып қойды. 15Кейин Жаратқан Ийениң алдында дуўа етип, былай деди: 16«Керублар ▼▼ Керуб – қанатлы руўхый барлық.
арасында тахтта отырған Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси! Сен пүткил дүнья патшалықларының жалғыз Қудайысаң! Аспан ҳәм жерди Сен жаратқансаң. 17Жаратқан Ийе, қулақ салып, есит, көзлериңди ашып, көр. Тири Қудайды ақыретлеў ушын Санхерибтиң айтып жиберген сөзлерин есит. 18Жаратқан Ийе, ырасында да, Ассирия патшалары халықларды ҳәм олардың жерлерин ўайранлады. 19Олардың қудайларын отқа таслап, жоқ қылды. Бирақ олар ҳақыйқатында қудайлар емес, ал ағаштан ҳәм тастан адам қолы менен исленген нәрселер еди. 20Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерди Санхерибтиң қолынан қутқара гөр. Сонда пүткил дүнья патшалықлары Сениң жалғыз Жаратқан Ийе екениңди биледи». Ийшаяның пайғамбаршылығы
21Соңынан Амос улы Ийшая пайғамбар Хизкияға мынадай хабар жиберди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Сен Ассирия патшасы Санхериб ҳаққында Маған дуўа еттиң. 22Ол туўралы Мен, Жаратқан Ийе былай деймен:Пәк қыз Сион, сени кемситип, үстиңнен күлер,Қыз Ерусалим, сениң изиңнен бас шайқар.
23Сен кимди ақыретлеп, кимди мазақладың?
Кимге даўыс көтерип сөйлеп, кимге менменсип қарадың?
Маған – Израилдың Мухаддесине!
24Елшилериң арқалы Мени ақыретлеп былай дедиң:
„Сансыз саўаш арбаларым менен таўлардың бийик шыңына,
Лебанон таўларының узақ жанбаўырларына шықтым,
Бийик кедр ағашларын, жақсы сәрўи ағашларын кестим.
Оның ең төрине, ең қалың тоғайына бардым.
25Мен қудықлар қаздым ҳәм жат еллердиң суўларын иштим,
Мысырдың барлық дәрьяларын табаным менен қурыттым“.
26Бирақ буның ҳәммесин бурыннан жобаластырып,
Әййемги күнлерден ойлап қойғанымды еситпеген бе едиң?
Ҳәзир Мен соны орынладым.
Сонлықтан сен қорғанлы қалаларды қарабақанаға айландыра алдың.
27Сонда қол-қанаты қырқылды қала халқының,
Қорқып, уятқа қалды.
Олар даладағы көк шөпке, жаңа шыққан нәзик шөпке,
Тамның басындағы, шықпай атырып, өрт шалған шөпке уқсап қалды.
28Мен сениң отырыс-турысыңды, қашан келип-кететуғыныңды,
Маған деген ғәзебиңди, ҳәммесин билемен.
29Маған деген ғәзебиң ушын,
Тәкаббирлигиң қулағыма жетип келгени ушын,
Ҳалқамды мурныңнан өткизип,
Суўлығымды аўзыңа тағаман.
Сени келген жолың менен изиңе қайтараман.
30Ҳәй, Хизкия! Сен ушын белги мынаў болады:
Усы жылы шашылған дәннен өскен өнимди жейсиз,
Келеси жылы соның орнына өскен өнимди азық қыласыз,
Ал үшинши жылы дән сеўип, өним аласыз,
Жүзим бағларын отырғызып, олардың мийўесинен жейсиз.
31Яҳуда халқының қутылып қалғанлары жерге тамыр жайып,
Жоқарыда мийўе береди.
32Себеби тири қалғанлар Ерусалимнен,
Қутылғанлар Сион таўынан келип шығады.
Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Өз қызғаншақлығы менен жүзеге асырады.
33Сонлықтан Жаратқан Ийе Ассирия патшасы туўралы былай дейди:
Ол бул қалаға кирмейди, оқ та атпайды,
Қалаға жақынламас қалқаны менен,
Қала дийўалына топырақ та үйдирмейди.
34Келген жолы менен қайтады, қалаға кирмейди,
– дейди Жаратқан Ийе. –
35Мен Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын,
Бул қаланы қорғап, қутқараман».
36Сол күни түнде Жаратқан Ийениң периштеси ассириялылардың ордасына барып, бир жүз сексен бес мың адамды қырып таслады. Азанда оянып қарағанлар ҳәмме жердиң өликлерге толып кеткенин көрди. 37Сонда Ассирия патшасы Санхериб орданы таслап, изине қайтты. Ол Ниневияға қайтып келип, сол жерде жасап қалды. 38Бир күни ол өз қудайы Нисрохтың бутханасында табынып атырғанда, уллары Адраммелех пенен Саресер оны қылыш пенен өлтирди ҳәм өзлери Арарат үлкесине қашып кетти. Санхерибтиң орнына улы Эсар-Хаддон патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C