Isaiah 38
Хизкияның кесел болыўы ҳәм шыпа табыўы
1Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең». 2Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип: 3– О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр! – деди ҳәм өксип-өксип жылады. 4Сонда Ийшаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 5– Изиңе қайтып, Хизкияға мына хабарды жеткиз: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Өмириңди он бес жылға узайтаман. 6Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқарып, бул қаланы қорғайман. 7Жаратқан Ийениң, яғный Мениң саған Өз сөзимди орынлайтуғынымды билдиретуғын белги мынаў: 8Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытаман». Сонда текшениң үстине түсип турған сая он адым артқа жылжыды. 9Яҳуда патшасы Хизкия тәўир болғаннан кейин, мына жырды жазды: 10«Мен: „Өмиримниң гүлленген шағында,Өлилер мәканының дәрўазасынан өтип кетемен.
Қалған өмир жылларымнан маҳрум етилдим“, – дедим.
11Және: „Тирилер әлеминде Жаратқан Ийени көрмеймен,
Буннан былай, инсан затына көзим түспес,
Бул дүньяда жасағанлардың жанында да болмаспан“, – дедим.
12Үйим шопанның шатыры киби,
Суўырылып, қолымнан алынды.
Өмиримди тоқыўшы сыяқлы өткердим,
Жаратқан Ийе мени тоқыў үскенесинен кесип алып таслады.
Бир күн ишинде өмиримди ақырына жеткердиң.
13Азанға шекем төзим берип шыдадым,
Ол арыслан киби, барлық сүйеклеримди сындырды.
Бир күн ишинде өмиримди ақырына жеткердиң.
14Мен қарлығаш яки тырна киби бақырдым,
Кептер киби зарладым.
Жоқарыға қараўдан көзлерим талды,
Мен зулымлыққа ушырадым, жәрдем бер, Ийе!
15Не дейин? Мениң менен сөйлескен де, оны әмелге асырған да Өзи.
Қәлбимдеги қайғыны еске алып,
Өмирим бойы, абайлап жасайман.
16Ийе, Сениң қарарың адамларға өмир бере алады,
Мениң өмир жылларым да маған қайта берилди,
Денсаўлығымды тиклеп, өмиримди сақлап қала гөр!
17Мине, шеккен азабым мен ушын жақсылыққа болды,
Өмиримди набыт болыў шуқырынан қутқардың.
Барлық гүналарымды артыңа ылақтырдың.
18Өлилер мәканы Сени алғысламас,
Өлим Саған мақтаў айтпас,
Туңғыйыққа түскенлер Сениң садықлығыңа үмит байламас.
19Бүгин мениң ислегеним сыяқлы,
Тирилер, тек тирилер ғана Саған алғыс айтар,
Әкелер балаларына Сениң садықлығың туўралы айтып берер.
20Жаратқан Ийе мени қутқарар,
Пүткил өмиримиз бойы Жаратқан Ийениң Үйинде,
Тарлы саз әсбаплары менен қосық айтамыз».
21Ийшая патшаның адамларына: «Кептирип нығызланған әнжир алып келип, оны жараға қойың, ол саўалып кетеди», – деген еди. 22Сонда Хизкия Ийшаядан: «Жаратқан Ийениң Үйине баратуғынымды қандай белги арқалы билемен?» – деп сораған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C