Isaiah 39
Бабилоннан келген елшилер
1Сол арада Хизкияның аўырып, кейин тәўир болғанын еситкен Бабилония патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди. 2Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады. 3Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған: – Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған: – Олар маған узақ елден, Бабилониядан келген, – деп жуўап берди. 4Ийшая: – Олар сарайыңызда не көрди? – деп сорады. Хизкия: – Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди. 5Сонда Ийшая Хизкияға былай деди: – Онда Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзин еситиң: 6«Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе. 7– Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилония патшасының сарайында хызметкер болады». 8Хизкия Ийшаяға: – Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда, мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.
Copyright information for
KaaIBT22C