‏ Isaiah 4

1Сол күни жети ҳаял бир еркекке жабысып, оған:
«Бизлер өз нанымызды жеп, өз кийимимизди кийемиз,
Бизлерди өз некеңе алып,
Шерменделиктен қутқарсаң болғаны», – дейди.

Ерусалимниң келешеги

2Сол күни Жаратқан Ийе отырғызған нәл гөззал ҳәм салтанатлы болады. Жердиң мийўеси де Израилдың аман қалғанларына мақтаныш ҳәм даңқ болады. 3Сионда қалғанлар, Ерусалимде аман қалғанлар – Ерусалимде тири қалыў тәғдирине жазылған ҳәр бир адам «мухаддес» деп аталады. 4Ийемиз Сион қызларының напәклигин жуўып таслағанда, Ерусалимде төгилген қанды да ҳүким руўхы ҳәм от руўхы менен тазалайды. 5Соңынан Жаратқан Ийе Сион таўының ҳәмме тәрепиниң үстине ҳәм ол жерге жыйналғанлардың үстине күндиз булт ҳәм түтин, түнде жалынлаған оттың жақтысын жаратады. Пүткил салтанат үсти қапланған болып, 6ол күндизги ыссыда шатыр, даўыл менен жаўында пана ҳәм қорғаныш болады.
Copyright information for KaaIBT22C