Isaiah 40
Жубатыўшы сөзлер
1Жубатың, халқыма тәселле бериң!– дейди Қудайыңыз. –
2Ерусалимге жумсақ сөзлер айтың,
Саўаш мүддетиниң таўысылғанын,
Қылмысларының кеширилгенин,
Барлық гүналарының жазасын Жаратқан Ийениң қолынан,
Еки есе етип алғанын жәриялаң.
3Бақырған бир даўыс еситиледи:
«Шөл далада Жаратқан Ийеге жол таярлаңлар,
Қула далада Қудайымыз ушын дүзиў ҳәм үлкен бир жол ашыңлар!
4Барлық ойпатлықлар толтырылсын,
Таў-төбелер пәске шөксин,
Қыйсық жерлер дүзетилсин,
Будыр жерлер тегисленсин.
5Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты аян болып,
Пүткил адамзат буны биргеликте көреди.
Буны Жаратқан Ийе айтады».
6Даўыс: «Бақыр», – деди.
Мен: «Не деп бақырайын?» – деп сорадым.
Даўыс былай деди:
«Пүткил адамзат шөпке,
Оның пүткил садықлығы – атыздағы гүлге уқсайды.
7Жаратқан Ийе демин үплегенде,
Шөп қуўрайды, гүл солыйды.
Ҳақыйқаттан да, халық – бул шөп.
8Шөп қуўрайды, гүл солыйды.
Бирақ Қудайымыздың сөзи мәңги турады».
9Ҳәй, Сионға хош хабар алып келиўши,
Бийик таўға шық!
Ҳәй, Ерусалимге хош хабар алып келиўши,
Бар даўысың менен бақыр!
Даўысыңды көтер, қорқпа.
Яҳуда қалаларына: «Мине, сизлердиң Қудайыңыз!» – деп айт.
10Мине, Қудай Ийе қүдирет пенен келип,
Ҳүкимдарлықты қолына алады.
Оның сыйы Өзи менен бирге,
Мийнеттиң есесин қайтарыў Оның қолында.
11Ол Өз сүриўин шопан киби бағады,
Қозыларды қолына алып,
Оларды көтерип, баўырына басады,
Емизиўли қойларға ғамхорлық пенен жол көрсетеди.
Қудайдың уллылығы
12Ким суўларды алақаны менен,Көклерди қарысы менен өлшеди?
Ким жердиң топырағын өлшем ыдысына салған,
Ямаса таўларды тәрезиде,
Төбелерди тәрези пәллесинде өлшеген?
13Жаратқан Ийениң Руўхына кимниң ақылы жеткен,
Ямаса ким Оған кеңес берген?
14Ақыл алыў ушын Ол кимнен мәсләҳәт сорады,
Ямаса Оған ким әдалат жолын үйретти?
Оған билим берип,
Түсиник жолын көрсеткен ким?
15Мине халықлар шелектеги суў тамшысындай,
Тәрезилердеги шаң сыяқлы көринеди,
Ол атаўларды уўыс топырақ сыяқлы көтереди.
16Лебанонның отыны қурбанлықты жағыўға,
Маллары жандырылатуғын қурбанлыққа азлық етеди.
17Пүткил миллетлер Оның алдында ҳеш нәрсе емес,
Олар Ол ушын жоқтан да, бослықтан да пәс саналады.
18Онда Қудайды кимге уқсатасыз?
Оның бийнесин кимге теңейсиз?
19Бутқа ма? Бутты өнермент қуйып,
Зергер оны алтынға қаплайды,
Оның ушын гүмис шынжыр соғылады.
20Егер буған қурбы жетпесе,
Ширимейтуғын бир ағашты сайлап алып,
Қозғалмайтуғын бут соқтырыў ушын,
Шебер өнерментти излейди.
21Билмейсизлер ме, еситпедиңлер ме?
Әўел бастан, сизлерге айтылмады ма?
Дүнья жаратылғаннан бери түсинбедиңиз бе?
22Қудай жер үстиндеги аспан гүмбезинде отыр,
Жерде жасайтуғынлар шегирткелерге мегзер.
Ол көклерди перде киби жайып,
Жасаў ушын оларды шатыр киби тигеди.
23Ол басшыларды түкке турғысыз етип,
Дүньяның ҳүкимдарларын күшинен айырады.
24Олар зорға егилип, зорға себилип,
Зорға тамыр жайған гезинде,
Жаратқан Ийе демин үплейди, олар қуўрап,
Даўыл оларды қаўық киби ушырып кетеди.
25«Мени кимге уқсатасыз,
Ким Маған тең келеди?» – дейди мухаддес Қудай.
26Басыңызды жоқары көтерип, аспанға қараң,
Буларды ким жаратқан?
Қудай жулдызларды бирме-бир шақырып,
Атпа-ат атайды.
Оның қүдиретли күши ҳәм уллы қүдиретине гөре,
Олардың ҳеш бири орнынан шықпай қалмайды.
27Ҳәй, Яқып, ҳәй, Израил, қалайынша сен:
«Жолым Жаратқан Ийеден жасырын,
Қудайым ҳуқықымды қорғамайды», – дейсең?
28Билмейсизлер ме? Еситпедиңиз бе?
Жаратқан Ийе – мәңгилик Қудай,
Пүткил дүньяның Жаратыўшысы.
Ол шаршамайды да, талықпайды да,
Оның даналығына ақыл жетпес.
29Ол ҳалдан тайғанды ҳәллендирип,
Мәдетсизлердиң күшине күш қосады.
30Ҳәтте, жаслар да шаршап, талығады,
Жас жигитлер де сүрнигип, жығылады.
31Бирақ Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар,
Жаңадан күш алады.
Олар бүркит киби қанат жаяды.
Жуўырса да, шаршамайды,
Жортса да, ҳеш талықпайды.
Copyright information for
KaaIBT22C