Isaiah 41
Қудай Израилға күш береди
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Ҳәй, атаўлар, Мениң алдымда үндемей тыңлаң!
Халықлар күш топлап алсын,
Олар жақын келип, сөйлесин.
Келиңлер, ҳүким ушын бир жерге жыйналайық.
2Шығыстан азат етиўшини ҳәрекетке келтирген ким?
Оны Өзине хызметке шақырған ким?
Миллетлерди оның қолына берген,
Патшаларды аяқ асты қылған ким?
Ол қылышы менен оларды шаңға,
Оқ жайы менен суўырылған қаўыққа айландырды.
3Ол оларды қуўдалайды,
Аяқ басылмаған жолдан аман-есен жүрип өтеди.
4Буларды орынлап, жүзеге асыратуғын ким?
Әўел бастан әўладларды шақырған ким?
Мен, Жаратқан Ийе – басыман,
Ақырында да Мен боламан.
5Атаўлар буны көрип, қорқады,
Жердиң төрт тәрепи қалтырайды.
Олар жақынлап келеди.
6Ҳәмме бир-бирине жәрдем берип:
„Мәрт бол“, – дейди.
7Өнермент зергерге,
Урып тегислеўши төс урыўшыға кепсери туўралы:
„Жақсы қурастырылды“, – деп жигер береди.
Кейин орнынан қозғалмаўы ушын бутты шегелейди.
8Бирақ сен, ҳәй, қулым Израил,
Мен таңлаған Яқып,
Достым Ибрайымның урпағы!
9Сени дүньяның төрт тәрепинен жыйнадым,
Узақ жерлерден шақырып:
„Сен Мениң қулымсаң,
Сени таңладым, тәрк етпедим“, – дедим.
10Қорқпа, Мен сениң менен биргемен.
Қәўетерленбе, Мен сениң Қудайыңман.
Саған күш берип, жәрдемлесемен.
Азат етиўши оң қолым менен сүйеймен.
11Саған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси,
Масқара болып, уятқа қалады,
Саған қарсы шыққанлар дымы қалмай жоқ болады.
12Душпанларыңды излесең де таппайсаң,
Сениң менен урысқанлар да ҳеш болмағандай жоқ болып кетеди.
13Мен, Қудайың Жаратқан Ийе,
Оң қолыңнан услап, сүйеп:
„Қорқпа, саған жәрдем беремен“, – деймен.
14Ҳәй, қурт сыяқлы болған Яқып,
Ҳәй, аз санлы Израил, қорқпа!
Мен саған жәрдем беремен,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Сениң Әмеңгериң, Израилдың Мухаддеси.
15Мине, Мен сени таза, өткир тисли,
Түйек айдайтуғын тахта қыламан.
Сен таўларды бастырып, талқанлап,
Төбешиклерди қаўыққа айландырасаң.
16Сен оларды суўырасаң,
Самал ушырып, алып кетеди,
Дүбелей айландырып, ушырып кетеди.
Сен Жаратқан Ийеде шадланасаң,
Израилдың Мухаддеси менен мақтанасаң.
17Жарлы ҳәм кәмбағал суў излейди,
Бирақ суў жоқ.
Шөлден таңлайлары кеўип қалады.
Мен Жаратқан Ийе оларға жуўап беремен,
Мен, Израилдың Қудайы оларды таслап қоймайман.
18Мен тақыр төбешиклерден дәрьялар,
Ойпатлықлардың ортасынан булақлар ағызаман.
Шөлди көлге, қурғақ даланы суўлы булақларға айландыраман.
19Шөлге кедр, акация, мирта путаларын ҳәм зәйтүн ағашларын,
Қуў далаға сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашларын бирге отырғызаман.
20Сонда адамлар буны Жаратқан Ийениң ислегенин,
Израилдың Мухаддесиниң жаратқанын,
Көреди, биледи, ақыл жуўыртып, түсинеди».
Жаратқан Ийе бутларға қарсы
21«Даўаңызды айтың,– дейди Жаратқан Ийе, –
Дәлиллериңизди келтириң,
– дейди Яқыптың Патшасы. –
22Бутларыңызды алып келиң,
Олар не болатуғынын айтып берсин.
Ойланып, ақыбетин түсиниўимиз ушын,
Өтмиште болғанлардың мәнисин аян етсин,
Ямаса келешекте болатуғынларды бизге билдирсин.
23Сизлердиң қудай екениңизди билиўимиз ушын,
Буннан кейин не болатуғынын билдириң.
Көрип, ҳайран қалыўымыз ушын,
Жақсы яки жаман бир нәрсе қылың.
24Сизлер де, ислериңиз де ҳеш нәрсе емес.
Сизлерди таңлағанлар жеркенишли.
25Мен арқадан биреўди ҳәрекетке келтирдим, ол киятыр.
Мениң атымды шақырған шығыстан киятыр.
Ол гүлалшының ылайды басқылағаны сыяқлы,
Ҳүкимдарларды ылайдай қылып басқылайды.
26Билиўимиз ушын, ким буны әўел бастан жәрия етти?
„Ҳақсыз“деп айтыўымыз ушын, ким алдын ала хабар берди?
Ҳеш ким хабар бермеди, ҳеш ким жәрия етпеди,
Ҳеш ким сөзлериңди еситпеди.
27Мен биринши болып Сионға:
„Олар киятыр“, – деп билдирдим,
Ерусалимге хабаршы жибердим.
28Көз салып қарасам, арасында кеңес беретуғын да,
Мен сорағанда, жуўап беретуғын да бирде биреўи жоқ.
29Мине, олардың ҳәммеси жалған!
Ислери ҳеш нәрсеге турғысыз,
Мүсинлери самал ҳәм бослықтан ибарат».
Copyright information for
KaaIBT22C