Isaiah 42
Жаратқан Ийениң қулы
1«Мине, Мен қоллаған қулым,Кеўлиме унаған таңлағаным!
Мен Өз Руўхымды Оған беремен,
Ол миллетлерге әдалат алып келеди.
2Ол бақырмайды, даўысын көтермейди,
Көшелерде Оның сести еситилмейди.
3Ол майысқан қамысты сындырмайды,
Пысқып турған пиликти де өширмейди,
Садықлық пенен әдалатты иске асырады.
4Жер бетинде әдалатты орнатпағанша,
Ҳәлсиремейди, руўхы да түспейди.
Атаўлар Оның тәлимине үмит байлайды».
5Көклерди жаратып, оны жайған,
Жерди ҳәм ондағыларды жайып жиберген,
Ондағы инсанларға дем берген,
Онда жүргенлерге жан берген,
Қудай Ийе былай дейди:
6«Мен, Жаратқан Ийе сени қутқарыўымды көрсетиў ушын шақырдым,
Сениң қолыңнан услап, қорғайман,
Халқым менен дүзген келисимимди,
Сен арқалы әмелге асыраман.
Сени миллетлерге нур қыламан.
7Сен соқыр көзлерди ашып,
Тутқынларды қамақханадан шығарып,
Қараңғылықтағыны зинданнан азат етесең.
8Мен – Жаратқан Ийемен. Мениң атым усы.
Даңқымды басқаға, Өзиме айтылатуғын алғысты бутларға бермеймен.
9Мине, бурын болжап айтылғанлар әмелге асты.
Мен таза нәрселерди жәриялайман,
Олар жүзеге аспай турып,
Алдын ала сизлерге аян етемен».
Алғыс-мақтаў жыры
10Теңизде жүзип жүргенлер ҳәм оны толтырып турғанлар,Атаўлар ҳәм оларда жасаўшылар,
Жаратқан Ийеге арнап таза қосық айтың,
Жердиң ең шетлеринен Оған алғыс-мақтаўлар айтың!
11Шөл ҳәм ондағы қалалар,
Кедар халқы жасайтуғын аўыллар даўысын көтерсин!
Села турғынлары қуўаныштан қосық айтып,
Таўлардың төбелеринен бақырсын!
12Олар Жаратқан Ийени уллыласын,
Атаўларда Оған алғыс-мақтаўлар айтсын!
13Жаратқан Ийе баҳадыр жигиттей болып,
Жаўынгердей ғәзебин шашады,
Әскерий уран салып, бақырып,
Душпанлардан үстинлигин көрсетеди.
Жаратқан Ийениң жәрдем сөзи
14«Мен узақ ўақыт үндемедим,Сабырлылық пенен Өзимди усладым.
Енди болса, туўайын деп атырған ҳаялдай қышқыраман,
Ентигип дем аламан.
15Мен таўларды ҳәм төбешиклерди ўайран етемен,
Пүткил от-шөплерди қырып таслайман.
Дәрьяларды атаўларға айландырып,
Ҳәўизлерди қурытаман.
16Соқырларды билмеген жолларынан алып жүремен,
Оларды таныс болмаған соқпақлардан жетелеймен,
Алдында қараңғылықты жақтылыққа,
Ойлы-бийик жерлерди тегис жерге айландыраман.
Мен буларды ислеймен,
Оларды тәрк етпеймен.
17Ойма бутларға исенгенлер,
Қуйма бутларға: „Сизлер қудайымызсыз“, – дейтуғынлар,
Шерменде болып, олардан жүз бурады».
Соқыр ҳәм герең Израил
18«Ҳәй, гереңлер, еситиңлер,Ҳәй, соқырлар, қарап көриңлер!
19Мениң қулымдай соқыр болған бар ма?
Мен жиберетуғын хабаршыдай, герең болған бар ма?
Маған бағышланған биреўдей, соқыр,
Ямаса Мениң, Жаратқан Ийениң қулындай, соқыр болған бар ма?
20Сен көп нәрсени көрдиң, бирақ итибар бермедиң,
Қулақларың ашық еди, бирақ еситпедиң».
21Өз әдалаты ҳақы,
Нызамларын даңққа бөлеп, уллы қылыў,
Жаратқан Ийеге унады.
22Бирақ бул халық талан-тараж қылынған,
Ҳәммеси зинданға тасланып, қамақханаға қамалған.
Олар олжаға айланды, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.
Таланды, «Қайтарып бер», дейтуғын ҳеш ким жоқ.
23Араңызда буған қулақ түретуғын,
Дыққат қойып, келешек ушын тыңлайтуғын бар ма?
24Яқыпты таланшыларға,
Израилды қарақшыларға берген ким?
Бул Жаратқан Ийе емес пе?
Оған қарсы гүна ислемедик пе?
Олар Оның жолынан жүрмеди,
Нызамына қулақ аспады.
25Сонлықтан Ол лаўлаған ғәзебин,
Ғыжлаған урысты үстине дөндирди.
Дөгерегин от пенен қапласа да, түсинбеди,
Күйдирсе де, жүрекке алмады.
Copyright information for
KaaIBT22C