Isaiah 43
Израилдың қутқарыўшысы
1Бирақ енди, Яқып, сени жаратқан,Израил, сени дөреткен,
Жаратқан Ийе былай дейди:
«Қорқпа, Мен сени азат еттим,
Сениң атыңды айтып шақырдым, сен Меникисең.
2Суўлардан өткениңде, сениң менен бирге боламан,
Дәрьялардан өткениңде, олар сени ығызып кетпейди.
От ишинен жүргениңде жанбайсаң,
Жалын сени жалмамайды.
3Мен сениң Қудайың Жаратқан Ийе,
Израилдың Мухаддеси, сениң Қутқарыўшыңман.
Сениң төлемиң сыпатында Мысырды,
Сениң орныңа Хабашстан менен Себаны бердим.
4Нәзеримде қымбатбаҳа ҳәм қәдирли болып,
Сени сүйгеним ушын,
Сениң орныңа адамларды,
Сениң өмириң ушын халықларды беремен.
5Қорқпа, Мен сениң менен биргемен,
Урпақларыңды шығыстан алып келемен,
Өзиңди батыстан жыйнап аламан.
6Арқаға: „Оларды бер“,
Қублаға: „Оларды услама“, – деймен.
„Улларымды узақтан,
Қызларымды жердиң түпкирлеринен,
7Маған тийисли болған ҳәр бир адамды,
Өз даңқым ушын жаратқанларымды,
Пишим берип, дөреткенлеримди қайтар“, – деймен».
Жаратқан Ийениң гүўасы – Израил
8Көзи болса да, көрмейтуғын соқырларды,Қулағы болса да, еситпейтуғын гереңлерди алып шығың.
9Пүткил миллетлер бир жерге жыйналсын,
Халықлар топлансын.
Олардың арасында қайсысы буларды жәриялап,
Өткен ўақыяларды алдын ала бизлерге билдире алды?
Гүўаларды алып келип, өзлерин ақласын,
Басқалар еситип: «Бул дурыс», – десин.
10«Сизлер Мениң гүўаларымсыз,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Мени билип, Маған исениўиңиз,
Мениң ким екенимди түсиниўиңиз ушын,
Сайлап алған қулларымсыз.
Меннен алдын, ҳеш қандай қудай болған емес,
Меннен кейин де болмайды.
11Мен, тек жалғыз Мен – Жаратқан Ийемен.
Меннен басқа Қутқарыўшы жоқ.
12Мен алдын ала билдирдим, қутқардым ҳәм жәрияладым.
Араңызда басқа қудай жоқ.
Сизлер Мениң гүўаларымсыз,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Мен Қудайман.
13Әўел бастан бери, Мен Солман.
Мен услағанды ҳеш ким жаздыра алмайды.
Мен қылғанды ким бийкарлай алады?»
Бабилоннан қутылыў
14Әмеңгериңиз, Израилдың Мухаддеси,Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сизлер ҳақы Бабилонға биреўди атланысқа жоллайман.
Калдейлерди даўрығы көкке жеткен кемелерине мингизип,
Қашыўға мәжбүр етемен.
15Сизлердиң Мухаддесиңиз, Израилдың Жаратыўшысы,
Сизлердиң Патшаңыз Жаратқан Ийе Мен боламан».
16Теңизден жол,
Бурқасынлаған суўдан соқпақ ашқан Жаратқан Ийе,
17Саўаш арбаларын, атларды,
Күшли әскерлерди ордасы менен алып шыққан ▼ Ол былай дейди:
«Олар жығылып, тура алмайды,
Өширилди, шырадай сөнди.
18Өткенлерди умытың,
Бурынғыларды еске алмаң.
19Мине, Мен жаңа нәрсе қыламан!
Ол басланды, неге түсинбейсиз?
Мен шөлде жол, саҳрада дәрьялар саламан.
20Жабайы ҳайўанлар, сағал ҳәм үкилер,
Мени ҳүрмет қылады.
Себеби таңлап алған халқым ишиўи ушын,
Шөлде суў, саҳрада дәрьялар ағыздым.
21Маған алғыс-мақтаў айтыўы ушын,
Өзим ушын жараттым бул халықты.
22Бирақ сен, Яқып, Мени шақырмадың,
Израил, сен Меннен шаршадың!
23Жандырылатуғын қурбанлық ушын қойларыңды алып келмедиң,
Қурбанлықларың менен Мени сыйламадың.
Мен садақалар талап етип, сени қыйнамадым,
Хош ийисли түтеткилер талап етип, аўырманлық салмадым.
24Сен Маған арнап, хош ийисли қамыс сатып алмадың,
Мени қурбанлықтың майына тойдырмадың.
Керисинше, гүналарың менен Маған жүк болдың,
Қылмысларың менен Мени шаршаттың.
25Өзим ушын қылмысларыңды өширетуғын Менмен,
Енди қайтып гүналарыңды еслемеймен.
26Мениң ядыма сал, даўласайық,
Ақланыў ушын, дәлиллериңди келтир.
27Түп атаң гүна ислеген еди,
Дәлдалшыларың Маған қарсы бас көтерди.
28Сонлықтан Ибадатхана басшыларының абырайын төктим,
Яқыпты пүткиллей жоқ қылыўға,
Израилды ғарғысқа ҳүким еттим».
Copyright information for
KaaIBT22C