‏ Isaiah 44

Жаратқан Ийе – жалғыз Қудай

1«Бирақ, енди, қулым Яқып,
Таңлағаным Израил, қулақ сал!
2Сени жаратқан, қурсақта сени қәлиплестирген,
Саған жәрдем беретуғын Жаратқан Ийе былай дейди:
Қорқпа, қулым Яқып,
Сайлап алғаным Ешурун
Ешурун – Израил халқына берилген басқа атама болып, «Әдил» деген мәнисти билдиреди.
!
3Кеўип қалған жерге суў жиберип,
Қурғақ жерлерге сайлар ағызаман.
Урпақларыңның үстине Руўхымды,
Перзентлериңниң үстине жарылқаўымды жаўдыраман.
4Олар жасыл жайлаўдағы отлар,
Ағын суў жағасындағы таллар сыяқлы өсип-өнеди.
5Биреўи: „Мен Жаратқан Ийеге тийислимен“, – дейди,
Екиншиси өзин Яқыптың аты менен атайды,
Басқасы: „Жаратқан Ийеге тийислимен“, – деп қолына жазып,
Өзин Израил деп атайды».

6Израилдың Патшасы ҳәм Әмеңгери Жаратқан Ийе,
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Мен биринши ҳәм соңғыман,
Меннен басқа қудай жоқ.
7Маған уқсағаны бар ма? Ол хабар берсин.
Әййемги халқымды жаратқан күннен баслап болып өткенлерди,
Келешекте не болатуғынын билдирип, баянласын.
Енди болатуғын нәрселерден хабар берсин.
8Қалтырамаң, қорқпаң!
Сизлерге әўел бастан айтып, билдирмедим бе?
Сизлер Мениң гүўаларымсыз.
Меннен басқа қудай бар ма?
Басқа Жартас жоқ, басқа бирде биреўин де билмеймен».

Бутқа табыныўшыларға ескертиў

9Бут соққанлардың ҳәммеси – ҳеш ким емес,
Олар қәдирлеген нәрселер – пайдасыз.
Олардың өзлери буған гүўа,
Себеби бутлары көрмейди де, түсинбейди де.
Сонлықтан олар шерменде болады.
10Пайда бермейтуғын қудайды ким соғады?
Бутты ким қуяды?
11Қара, соған шерик болғанлардың ҳәммеси уятқа қалады.
Өнерментлер – бары-жоғы тек адамлар.
Олардың ҳәммеси жыйналып, ҳәммеси бир жерде турсын.
Олар қорқып, уятқа қалады.
12Темирши қуралын алып,
Көмир шоғында таплайды,
Шөккиш пенен ислеў берип,
Билегиниң күши менен пишим береди.
Темирши аш болып, ҳәлсирейди,
Суў ишпей, ҳалдан таяды.
13Ағаш устасы ағашты жип пенен өлшеп,
Ушлы қурал менен сызып алады.
Қашаў менен пишим берип,
Аша таяқ пенен тамғалап,
Адам қәлпине келтиреди.
Оны бутханаға қойыў ушын,
Пүткил адам гөззаллығын береди.
14Ол кедр ағашын кесип алады.
Сәрўи яки емен ағашын таңлап алып,
Өсиў ушын тоғайдағы тереклер арасында қалдырады.
Ямаса кедр ағашын отырғызады,
Жаўын оны өсиреди.
15Кейин ағаш отын болады,
Адам отынның бир бөлегин жағып ысынса,
Басқа бөлеги менен нан писиреди.
Ал қалғанынан өзине бир қудай соғып алып, табынады,
Бут соғып алып, алдына жығылып, тәжим етеди.
16Отынның ярымын жағып, аўқат таярлайды,
Кәбап писирип, тойғанша жейди.
Ол жылынып, былай дейди:
«Мен жылындым, оттың ҳәўирин сездим».
17Аўысқан отыннан ол қудай, яғный өзине бут ислеп алып,
Оның алдында тәжим етеди, оған сыйынады.
Оған дуўа етип, былай дейди:
«Мени қутқар, өйткени сен қудайымсаң».
18Бундай адамлар ҳеш нәрсени билмейди, түсинбейди де.
Өйткени көрмесин деп көзлери,
Түсинбесин деп жүреклери жабылған.
19Ҳеш ким ойланып көрмейди:
«Отынның ярымын жақтым,
Қозына нан писирдим,
Гөштен кәбап писирип жедим,
Енди қалғанынан жеркенишли нәрсе соғайын ба?
Бир бөлек ағашқа табынайын ба?» – деп айтыўға,
Ақыл-парасаты жетпейди.
20Ол күлдиң изинен қуўады,
Алданған жүреги оны жолдан адастырады.
Ол өз жанын қутқара алмайды,
«Оң қолымдағы нәрсе жалған нәрсе емес пе?» – дей алмайды.

21«Яқып, буларды есте тут,
Израил, сен Мениң қулымсаң.
Мен сени жараттым, сен Мениң қулымсаң.
Израил, Мен сени умытпайман.
22Сениң қылмысларыңды булт киби,
Гүналарыңды азанғы думан киби, таратып жиберемен.
Маған қайт, Мен сен ушын төлем төледим».

23Ҳәй көклер, қуўаныш пенен қосық айтың,
Себеби буны Жаратқан Ийе жүзеге асырды.
Ҳәй жердиң тереңликлери, бақырың!
Таў ҳәм тоғайлар,
Тоғайдағы ҳәмме тереклер қосық айтың,
Себеби Яқыпты Жаратқан Ийе азат етти,
Израилда Өзин даңққа бөледи.

24Сени қурсақта қәлиплестирген Әмеңгериң,
Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәмме нәрсени жаратқан,
Көклерди жалғыз Өзи жайған,
Жалғыз Өзи жерди дөреткен,
25Жалған пайғамбарлардың белгилерин пушқа шығарған,
Палкерлерди ақмақ қылған,
Даналарға соққы берип,
Билимлерин наданлыққа айландырған,
26Қулының сөзин тастыйықлаған,
Хабаршыларының айтқанларын әмелге асырған,
Ерусалимге: „Ишинде және адам жасайды“, – деп айтқан,
Яҳуда қалаларына: „Олар қайтадан қурылады,
Қарабақаналарын тиклеймен“, – деген,
27Шуқыр суўларға: „Қурып кет, дәрьяларыңды қурытаман“, – деген,
28Кирге
КирИйш 41:2; 2Жлн 36:22 қараң.
: „Мениң шопаным, барлық мақсетлеримди ол әмелге асырады“, – деген,
Ерусалимге: „Жаңадан қурылады“,
Ибадатханаға: „Қайта тикленеди“, – деген,
Жаратқан Ийе Мен боламан».
Copyright information for KaaIBT22C