Isaiah 45
Жаратқан Ийениң Кирди таңлаўы
1Жаратқан Ийе майлағанына,Оң қолынан услағанына, яғный Кирге былай дейди:
«Алдыңда миллетлерди бас ийдиремен,
Патшаларды қуралларынан маҳрум етемен.
Алдыңда дәрўазалар ашылып,
Олар жабылмайды.
2Мен алдыңда жүрип, таўларды тегислеймен,
Қола дәрўазаларды бузып, темир тәмбилерди сындыраман.
3Саған қараңғылықта жасырынған ғәзийнелерди,
Жасырын жерлерде сақланған байлықларды беремен.
Усы арқалы атыңды айтып шақырған Мен – Жаратқан Ийе,
Израилдың Қудайы екенимди билесең.
4Сен Мени танымасаң да,
Қулым Яқып, таңлағаным Израил ҳақы,
Сени атыңды айтып шақырдым,
Саған ҳүрметли ат қойдым.
5Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ.
Меннен басқа қудай жоқ.
Мени танымасаң да, саған күш беремен.
6Шығыстан батысқа дейинги адамлар,
Меннен басқасының жоқ екенин билип қойсын.
Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ.
7Нурды дөреткен, қараңғылықты жаратқан Мен боламан,
Абаданлықты беретуғын, апатшылықты жиберетуғын да Менмен.
Булардың ҳәммесин ислейтуғын Мен, Жаратқан Ийемен.
8Көклер, сен жоқарыдан қутқарылыўды төк,
Бултлар оны төменге жаўдырсын.
Жер ашылып, қутқарылыў өсип шықсын,
Оның менен бирге әдиллик те өссин.
Буны Мен, Жаратқан Ийе жараттым».
Қүдирети күшли Қудай
9Жаратыўшысы менен даўласатуғынлар, ҳәсирет шегесизлер!Топырақтан жасалған гүзениң сынығы!
Ылай гүлалшыға: «Не ислеп атырсаң?»
Ямаса: «Ислеп атырған нәрсеңниң услағышы жоқ», – деп айта ма?
10Әкесине: «Мени неге дүньяға келтирдиң?»
Анасына: «Мени неге туўдың?» – дейтуғынлар,
Ҳәсирет шегесизлер!
11Израилдың Мухаддеси ҳәм Оның Жаратыўшысы,
Жаратқан Ийе былай дейди:
«Балаларымның келешеги ҳаққында сораўға тутпақшымысыз?
Қолымның ислери туўралы буйрық бермекшимисиз?
12Мен жерди дөретип,
Оның үстине адамды жараттым,
Өз қолларым менен көклерди жайдым,
Аспан денелерине буйрық бердим.
13Кирди әдил нийетимди әмелге асырыў ушын ҳәрекетке келтирдим,
Оның пүткил жолларын тегислеймен.
Ол Мениң қаламды қайта қурады,
Тутқын болған халқымды төлемсиз ҳәм парасыз азат етеди», –
дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
14Жаратқан Ийе Израилға былай дейди:
«Мысырдың байлығы, Хабашстанның пайдасы сеники болады,
Узын бойлы Себа урпақлары саған келеди.
Олар саған ереди,
Кисенбәнт болып саған келип,
Тәжим етип, жалбарынып:
„Қудай тек сениң менен бирге, басқа бири жоқ,
Оннан басқа қудай жоқ“, – дейди».
15Израилдың Қудайы – Қутқарыўшы,
Ҳақыйқаттан да, Өзин жасырған Қудай – Сенсең!
16Бут соғатуғынлардың ҳәммеси уятқа қалып, масқара болады,
Ҳәммеси бирге шерменде болады.
17Бирақ Израил Жаратқан Ийе тәрепинен мәңгиге қутқарылады.
Сизлер мәңгиге уятқа қалмайсыз,
Масқара болмайсыз.
18Көклерди жаратқан – Ол Қудай.
Дүньяны бина еткен,
Оған түр-түс берип, оны беккемлеген,
Оны бос турыў ушын емес,
Ал адам жасаўы ушын жаратқан,
Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен – Жаратқан Ийемен, Меннен басқасы жоқ.
19Мен жасырын да, қараңғылықта да сөйлемедим.
Мен Яқыптың урпақларына:
„Мени ҳеш нәрсе жоқ жерден излең“, – демедим.
Мен – Жаратқан Ийемен, ҳақыйқатты айтаман,
Мен шынлықты баян етемен».
Қудай ҳәм Бабилонның бутлары
20«Миллетлерден қашып қутылғанлар,Келип, бир жерге жыйналып, қасыма жақынлаңлар!
Ағаш бутларды көтерип,
Қутқармайтуғын қудайға сыйынғанлар,
Ҳеш нәрсени билмейди.
21Айтың, даўаңызды баян етиң,
Олар бирге мәсләҳәтлессин!
Буны әзелден айтқан ким?
Өтмиште аян еткен ким?
Жаратқан Ийе болған Мен емеспен бе?
Меннен басқа қудай жоқ,
Мен әдил Қудайман ҳәм Қутқарыўшыман,
Меннен басқасы жоқ.
22Пүткил дүнья,
Маған жүз бурың, қутқарыласыз!
Мен Қудайман, басқасы жоқ.
23Мен Өзим ҳақы ант иштим,
Аўзымнан шыққан сөз туўры,
Ол босқа шықпас:
„Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди,
Ҳәр бир тил Маған ант ишеди“.
24Олар Мен туўралы: „Әдалат ҳәм күш,
Жалғыз Жаратқан Ийеде“, – дейди.
Оған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси,
Алдына келип, уялып қалады.
25Бирақ Израилдың пүткил нәсили,
Жаратқан Ийеде ақланып, Оның менен мақтанады».
Copyright information for
KaaIBT22C