‏ Isaiah 46

1Бел деген қудай дизе бүкти,
Небо деген қудай бүгилди,
Олардың бутлары жаныўарларға ҳәм өгизлерге жүкленди.
Бурын салтанатлы түрде көтерип жүрген нәрселериңиз,
Енди шаршаған ҳайўанларға жүк болды.
2Олардың қудайлары бүгилип, дизе бүкти,
Олар жүклерди қутқара алмас,
Өзлери сүргин етилип атыр.

3«Яқып урпақлары,
Израилдың аман қалғанлары, Мени тыңлаңлар!
Қурсақта ўақтыңызда қабыл етип алып,
Туўылғаныңыздан бери, көтерип жүрдим.
4Қартайғаныңызда да, Мен солай ислеймен,
Шашыңыз ағарғанда да, сизлерди көтеремен.
Мен сизлерди жараттым, Өзим қоллайман,
Сизлерди көтерип жүремен, қутқараман.

5Мени кимге уқсатып, кимге теңлестирежақсыз?
Кимге салыстырып, уқсатажақсыз?
6Адамлар алтынды шыжланынан шығарып төлеп,
Гүмисти тәрезиде өлшеп,
Бир зергерди жаллап алады.
Зергер олардан бир қудай соғып береди,
Адамлар жерге жығылып, оған табынады.
7Қудайын ийнинде көтерип алып жүреди,
Орнына қояды, ол сол жерде тура береди.
Орнынан қозғала алмайды.
Оған жалбарынса, жуўап бермейди,
Ҳеш бир апаттан да қутқармайды.

8Ҳәй, гүнакарлар, буны умытпаң,
Мәрт болың, ядтан шығармаң.
9Әййемги болып өткен ислерди еслең.
Мен Қудайман, басқасы жоқ,
Мен Қудайман, Маған уқсағаны жоқ.
10Мен ақырғы болатуғынларды әўел бастан,
Келешекте болатуғынларды әййемнен билдирип келемен.
Мен: „Мақсетлеримди иске асырып,
Өзиме унаған нәрселердиң ҳәммесин ислеймен“, – деймен.
11Шығыстан жыртқыш қусты,
Мақсетимди орынлайтуғын бир адамды,
Узақ журттан шақыраман.
Мен айтқанымды орынлайман,
Жобаластырғанымды әмелге асыраман.

12Жүреги қайсарлар,
Жеңисти узақ деп ойлағанлар, мени тыңлаңлар!
13Жеңисим жақын, ол узақ емес,
Қутқарыўым кешикпейди.
Мен Сионға қутқарылыў,
Израилға даңқымды сыйлайман».
Copyright information for KaaIBT22C