‏ Isaiah 47

Бабилонның қулаўы

1«Ҳәй, пәк қыз Бабилон,
Төменге түсип, топыраққа отыр!
Ҳәй, калдейлердиң қызы,
Жерге отыр, енди тахтың жоқ.
Енди сени: „Нәзик ҳәм мүләйим“, – деп атамайды.
2Дигирманды алып, ун тарт,
Пәренжеңди алып тасла, етегиңди түрип,
Балтырыңды көрсетип, дәрьяларды кешип өт.
3Денең ашылып, уятлы жериң көринсин.
Мен өш аламан, ҳеш кимди аямайман».

4Әмеңгеримиз – Израилдың Мухаддеси,
Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.

5«Ҳәй, калдейлердиң қызы,
Қараңғыға барып, үндемей отыр!
Сени артық: „Патшалықлардың ханымы“, – деп атамайды.
6Халқыма қәҳәрлендим,
Мийрасымды хорлап,
Сениң қолыңа бердим,
Сен де оларға реҳим етпедиң.
Ҳәтте, ғаррыларға да,
Жүдә аўыр мойынтырық тақтың.
7Сен: „Мен мәңгиге ханым боламан“, – дедиң.
Буларға дыққат бермедиң,
Ақыбетиниң не болатуғынын ойламадың.

8Ҳәй, рәҳәтти сүйетуғын,
Қәўипсизликте жасап, ишинен:
„Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ,
Мен ҳеш қашан жесир болып отырмайман,
Перзент дағын да көрмеймен“, – дейтуғын сен,
Енди мынаны тыңла!
9Булардың екеўи де бир күнде,
Тосаттан басыңа түседи:
Перзентлериңнен айырыласаң, жесир қаласаң.
Сыйқыршылықтың көплигине,
Дуўаханлықтың уллы күшине қарамастан,
Олар бәри бир басыңа түседи.
10Сен өз жаўызлығыңа исендиң,
„Мени ҳеш ким көрмейди“, – деп ойладың.
Даналығың ҳәм билимиң сени жолдан адастырды.
Ишиңнен: „Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ“, – дедиң.
11Сонлықтан апатшылыққа ушырайсаң,
Сыйқыршылық пенен оннан қутыла алмайсаң.
Басыңа бахытсызлық түседи,
Төлем менен оны қайтара алмайсаң.
Ойламаған ўайраншылық,
Тосаттан үстиңе келеди.
12Жаслығыңнан бери шуғылланып келген,
Дуўаханлығың ҳәм сансыз сыйқыршылығыңды даўам ет.
Бәлким, олардан саған пайда тийер,
Яки олар менен биреўди қорқытарсаң.
13Мәсләҳәтлердиң көплиги сени шаршатты.
Жулдызларды изертлеўшилер,
Жаңа айдың басында не болатуғынын айтатуғынлар,
Басыңа түсетуғын нәрселерден сени қутқарсын.

14Әне, олар сабанға уқсайды,
От оларды жандырады.
Жалмаған өрттен өзлерин де қутқара алмайды.
Бул жылынатуғын қоз да,
Жанында отыратуғын жалын да емес.
15Усылайынша сениң менен мийнет етип,
Жаслығыңнан алды-сатты ислегенлердиң ҳәр бири,
Басы аўған тәрепке раўана болады,
Сени ҳеш ким де қутқармайды».
Copyright information for KaaIBT22C