‏ Isaiah 5

Жүзимзар туўралы жыр

1Мен сүйиклимниң жүзимзары туўралы жыр айтып берейин:
Топырағы өнимдар бир төбеде,
Сүйиклимниң жүзимзары бар еди.
2Ол жерди аўдарып, тастан тазалап,
Сайланды нәллерди екти.
Оның ортасына гүзет минарасын орнатып,
Жүзим сығатуғын шуқыр қазды.
Ол бағынан жақсы жүзим күтти,
Бирақ бағ жабайы жүзим берди.

3Сонлықтан сүйиклим былай дейди:
«Енди, ҳәй Ерусалим турғынлары, Яҳуда халқы!
Мениң менен жүзимзарым ортасында қазылық етиң.
4Жүзимзарым ушын және не қылайын?
Мен оған ислемеген не қалды?
Мен жақсы жүзим күткен едим,
Ол неге жабайы жүзим берди?
5Ал енди мен сизлерге,
Жүзим бағыма не қылатуғынымды айтайын:
Оның қорғанларын алып таслайман,
Бағ жалмап жеп қойылсын,
Дийўалларын бузып таслайман,
Ол басқылап таслансын.
6Мен бағды ўайран қыламан,
Ол путалмайды, топырағы аўдарылмайды,
Оны шат тикен ҳәм жантақ басып кетеди.
Үстине жаўын жаўмасын деп, бултқа буйрық беремен».

7Әлемниң Жаратқан Ийесиниң жүзимзары – Израил халқы,
Яҳуда халқы – Оның отырғызған сүйикли бағы.
Ол әдалатлық күтти,
Бирақ, қаннан басқа ҳеш нәрсе көрмеди.
Ол әдиллик күтти,
Бирақ жапа шеккенлердиң пәриядынан басқа ҳеш нәрсе еситпеди.

Зулымлық қылыўшылардың шегетуғын ҳәсирети

8Үй үстине үй, атыз үстине атыз қосып атырғанлар,
Ҳәсирет шегесизлер!
Басқаларға жер қалдырмай,
Жер бетинде жалғыз өзиңиз жасамақшысызлар.
9Әлемниң Жаратқан Ийесиниң мына сөзлери қулағыма шалынды:
«Сөзсиз, көп үйлер ўайран қылынады,
Зәўлим ҳәм көркем жайлар ийесиз қалады.
10Он сүрим жердеги жүзимзардан тек бир бат
Бир бат – шама менен 22 л.
шарап шығады,
Бир хомер
Бир хомер – шама менен 220 л.
туқым тек бир эфа
Бир эфа – шама менен 22 л.
өним береди».

11Ерте таңда турып, өткир ишимлик изинен қуўғанлар,
Ымырт жабылғанша шарап ишип мәс болғанлар, ҳәсирет шегеди!
12Олардың зыяпатларында лира
Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
ҳәм арфа,
Дәп ҳәм сырнай шертилип, шарап ишиледи,
Бирақ олар Жаратқан Ийениң ислерине кеўил бөлмейди,
Оның қоллары менен жаратылғанларға итибар бермейди.
13Сонлықтан халқым наданлығы себепли сүргин қылынады.
Абырайлы адамлары ашлықтан өлип,
Қарапайым халық шөлден қырылады.
14Буған қоса, өлилер мәканының иштейи ашылып,
Аўзын қатты керип ашады,
Ерусалимниң абырайлылары ҳәм қарапайым халқы,
Олардың шаўқым-сүренлери ҳәм шадлығы сол жерге киреди.
15Адамзат бойсындырылып, ҳәр бир адам дизе бүгеди,
Менменниң көзи төмен қарайды.
16Бирақ Әлемниң Жаратқан Ийеси әдалатлықта мәртебеге ерисип,
Мухаддес Қудай әдилликте Өз мухаддеслигин көрсетеди.
17Сонда қойлар өз жайлаўларындағыдай жайылып жүреди,
Қозылар байлар таслап кеткен қарабақаналар арасында отлайды.

18Қылмысын жалған қосып есилген арқан менен,
Ал гүнаны арбаның жиби менен тартып жүргенлер, ҳәсирет шегеди!
19Ҳәтте, олар: «Қудай асықсын, исин тезирек ислесин,
Биз де көрейик.
Израилдың Мухаддесиниң мақсети тезирек әмелге ассын,
Биз де оны билейик», – дейди.

20Жаманды жақсы, жақсыны жаман,
Түнекти жақты, жақтыны түнек,
Ашшыны мазалы, мазалыны ашшы дегенлер, ҳәсирет шегеди!
21Өзин дана деп санап,
Өзин ақыллы билгенлер, ҳәсирет шегеди!
22Шарап ишиўде қаҳарман болғанлар,
Өткир ишимликти араластырып ишиўде батырлар,
23Пара алып, айыплыны ақлағанлар,
Ҳақты ҳуқықынан айырғанлар ҳәсирет шегеди!
24Оттың сабанды жалмағаны,
Жалынның пишенди өртегени сыяқлы,
Олардың тамыры да ширип кетеди,
Гүллери шаң-тозаң киби көкке суўырылады.
Себеби олар Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Нызамынан жүз бурып,
Израилдың Мухаддесиниң сөзин нәзерге илмеди.
25Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби,
Өз халқына қарсы лаўлады,
Қолын көтерип, оларды жазалайды.
Сонда таўлар титиреседи,
Олардың өли денелери тасланды сыяқлы көшелерде жатады.
Сонда да Оның ғәзеби басылмайды,
Қолы көтерилиўин даўам етеди.

26Ол алыслардағы миллетлерге белги береди,
Жер шетинде жасап атырғанларды ысқырып шақырады,
Мине, олар да тез, асығып-үсигип жетип келеди.
27Бирде биреўи шаршамайды, сүрникпейди,
Мүлгимейди, уйықламайды,
Белинен белбеўи шешилмейди,
Аяқ кийиминиң баўы үзилмейди.
28Олардың оқлары ушқырланған,
Оқ жайлары тартылған,
Атларының туяқлары шақмақ тасқа,
Арбаларының дөңгелеклери қуйынға мегзейди.
29Олардың ақырыўы арысланға уқсайды,
Олар жыртқыш арыслан киби ақырады,
Ырылдап, олжасын тутып, алып кетеди,
Ҳеш ким оны қутқара алмайды.
30Сол күни олар олжа үстинде,
Теңиз туўлаўы киби ырылдасады.
Егер биреў жерге нәзер салса,
Әне, қара түнек пенен азапты көреди,
Нур қара бултлар менен қапланған болады.
Copyright information for KaaIBT22C