Isaiah 50
Израилдың гүнасы
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Мен анаңызды қуўып жиберген ўақытта берген талақ хат қәне?
Сизлерди қарыз алған адамымның қайсысына сатыппан?
Мине, сизлер өз жаўыз ислериңиз себепли сатылдыңыз,
Сизлердиң қылмысларыңыз себепли анаңыз қуўып жиберилди.
2Келгенимде, не ушын ҳеш ким жоқ еди?
Шақырғанымда, не ушын ҳеш ким жуўап бермеди.
Сизлерди азат етиў ушын қолым сондай-ақ қысқа ма еди?
Ямаса сизлерди қутқарыўға Менде күш жоқ па?
Бир айбат етсем, теңиз қурыйды,
Дәрьяларды шөлге айландыраман.
Балықлар суўсызлықтан сасып, шөлден өледи.
3Көклерге қара кийдиремен,
Аза кийимин олардың жапқышы қыламан».
Қулдың сөзди тыңлаўы
4Шаршағанға сөз бенен мәдет берсин деп,Қудай Ийе маған тәлим берип, дана тил берди.
Ҳәр күни таңда Ол мени оятып,
Шәкиртлердей тыңласын деп, қулағымды ашады.
5Қудай Ийе қулағымды ашты,
Мен қарсы шықпадым, жүз бурып кетпедим.
6Мен өзимди урғанларға арқамды,
Сақалымды жулғанларға жүзимди туттым.
Масқаралағанда да, түкиргенде де жүзимди жасырмадым.
7Қудай Ийе маған жәрдем бергенликтен,
Мен уятқа қалмадым.
Өзимди мийтиндей беккем туттым,
Билемен, шерменде болмайман.
8Мени ақлаўшы жанымда,
Мениң менен ким даўласады?
Кел, жүзлесейик,
Мени ким айыплай алады?
Ол жаныма келсин!
9Маған жәрдем бериўши – Қудай Ийе,
Ким мени гүналыға шығара алады?
Олардың ҳәммеси кийимдей тозады,
Оларды күйе жеп қояды.
10Араңызда Жаратқан Ийеден қорқып,
Оның хызметшисиниң даўысына қулақ салған бар ма?
Қараңғылықта жүргенлер, нуры болмағанлар,
Жаратқан Ийениң атына үмит байлап,
Қудайына сүйенсин!
11Бирақ от жағып, шыра услаған сизлер, ҳәммеңиз,
Өз отыңыздың жарығында,
Жаққан шыраларыңыздың жақтысында жүре бериң.
Мениң қолым сизлерге мынаны қылады:
Азап ишинде жатасыз.
Copyright information for
KaaIBT22C