Isaiah 52
Сионның қуўанышы
1Оян Сион, оян, күшке тол!Ерусалим, мухаддес қала, әжайып кийимлериңди кий!
Енди сүннетсизлер ҳәм ҳарам адамлар саған кирмес ҳасла.
2Үстиңдеги топырақты қағып таслап,
Тур, Ерусалим, тахтқа отыр.
Мойныңдағы шынжырды үзип тасла,
Тутқын болған қыз Сион!
3Жаратқан Ийе былай дейди:
«Сизлер пулға сатылмадыңыз,
Пулсыз азат етилесиз».
4Қудай Ийе былай дейди:
«Халқым жасап турыў ушын, дәслеп Мысырға барды,
Кейин ассириялылар себепсиз оларды жәбирледи.
5Бул не аўҳал?
– дейди Жаратқан Ийе. –
Халқым қурыдан-қуры басып алынды,
Ҳүкимдарлары пәрияд етпекте,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Күни бойы атыма тил тиймекте.
6Бирақ халқым Мениң атымды билип алады.
Сол күни олар Мениң сөйлегенимди,
„Мине, Мен“дегенниң Мен екенин биледи».
7Таўлар асып, Хош Хабар алып киятырғанның,
Аяқлары қандай әжайып!
Ол парахатшылықты жәрияламақта,
Хош хабар алып келмекте,
Қутқарылыўды жәрия қылмақта.
Ол Сионға: «Қудайың ҳүкимдарлық қылады!» демекте.
8Тыңлаң! Гүзетшилериң даўысын көтермекте,
Бирге олар қуўанып бақырмақта.
Жаратқан Ийениң Сионға қайтып келгенин,
Олар өз көзлери менен көреди.
9Биргеликте шадлық пенен бақырың,
Ерусалимниң қарабақаналары!
Жаратқан Ийе Өз халқына тәселле берди,
Ерусалимди азат етти.
10Пүткил миллетлердиң көз алдында,
Жаратқан Ийе мухаддес билегин түрди.
Пүткил дүнья,
Қудайымыздың қутқарыўын көреди.
11Кетиң, кетиң, ол жерден шығың!
Ҳарам нәрселерге қол тийгизбең!
Сизлер, Жаратқан Ийениң мухаддес затларын тасыўшылар!
Ол жерден шығып, тазаланың,
12Бирақ асығыс шығып кетпең,
Қашып та жүрмең.
Себеби Жаратқан Ийе алдыңызда жүреди,
Израилдың Қудайы изиңизден қорғап барады.
Жаратқан Ийениң қулының азап шегиўи ҳәм уллыланыўы
13«Мине, қулым табысқа ериседи,Ол көтерилип, уллыланып, ең бийикке шығарылады.
14Көплер оған ҳайран қалды.
Оның түр-түси адамға уқсамайтуғын сықылсыз,
Көриниси де адам улына уқсамайтуғын еди.
15Ол көп миллетлерди лал қалдырады,
Патшалар оның алдында аўзын жумады.
Себеби олар айтылмаған нәрселерди көрип,
Еситпеген нәрселерин түсинеди».
Copyright information for
KaaIBT22C