Isaiah 54
Сионның келешектеги уллылығы
1«Шадлан, ҳәй, бала көрмеген нәсилсиз ҳаял!Толғатып көрмеген, сен, шадланып бақыр!
Себеби таслап кетилген ҳаялдың балалары,
Күйеўи бар ҳаялдикинен көп болады,
– дейди Жаратқан Ийе. –
2Шатырыңның орнын кеңейт,
Мәкан жайыңның перделерин аямай созып,
Жиплерин узын етип ал, қазықларын беккемле.
3Сен оңға да, солға да жайыласаң,
Урпақларың миллетлердиң жерлерин ийелеп,
Бос қалған қалаларға орналасып алады.
4Қорқпа, уятқа қалмайсаң,
Руўхың түспесин, масқара болмайсаң.
Сен жаслығыңдағы шерменделикти умытасаң,
Жесирлик ҳәсиретиңди артық еске алмайсаң.
5Себеби сениң күйеўиң – сениң Жаратыўшың,
Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
Израилдың Мухаддеси – Әмеңгериң,
Ол пүткил дүньяның Қудайы деп аталады.
6Сен күйеўи таслап кетип,
Қәлби жарақатланған ҳаялға уқсайсаң.
Бирақ Жаратқан Ийе сени шақырады,
– дейди Қудайың. –
7Мен сени бир мәўрит тәрк еттим,
Бирақ уллы меҳир менен сени жыйнайман.
8Қәҳәрленгенимде, сеннен бир мәўрит жүзимди жасырған едим,
Бирақ мәңгилик сүйиспеншилигим менен,
Саған реҳим етемен,
– дейди Әмеңгериң Жаратқан Ийе. –
9Бул Мен ушын Нухтың дәўирине уқсайды.
Нухтың дәўиринде топан суўы,
Жер жүзинде енди қайталанбайды деп ант ишкеним сыяқлы,
Саған да енди қәҳәрленип, жазаламайман деп ант иштим.
10Таўлар орнынан қозғалып, төбелер шайқалса да,
Мениң саған деген сүйиспеншилигим тербелмейди,
Тынышлық келисимим де қозғалмас,
– дейди саған реҳим еткен Жаратқан Ийе. –
11Азап шегип, даўыл дүбеп, жубаныш таппаған қала!
Сени периўзадан қурып,
Тийкарыңды лазуриттен қояман.
12Минараларыңды рубиннен,
Дәрўазаларыңды гәўҳардан,
Дийўалларыңды қымбатбаҳа таслардан ислеймен.
13Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеден тәлим алады,
Олар уллы тынышлыққа бөленеди.
14Сен әдалатлық пенен негиз қурасаң,
Езилиўден аўлақ боласаң, қорқпайсаң.
Қәўип-қәтерден жырақ боласаң, ол саған жақынламас.
15Егер биреў саған топылса,
Бул Меннен емес,
Саған ҳүжим қылғанның ҳәр бири саған бас ийеди.
16Қара, көмир шоғын үплеп,
Өз мақсети ушын қурал-жарақ соққан темиршини,
Мен жараттым.
Ўайран қылсын деп, басқыншыны да Мен жараттым.
17Саған қарсы қолланыў ушын жаратылған,
Ҳеш қандай қурал-жарақ табысқа ериспейди,
Ҳүкимде сени айыпламақшы болған ҳәр бир тилди,
Сен айыплайсаң.
Жаратқан Ийениң қулларының мийрасы – усы,
Мен оларды ақлайман,
– дейди Жаратқан Ийе».
Copyright information for
KaaIBT22C