Isaiah 55
Жаратқан Ийениң шақырығы
1«Шөллегенлердиң ҳәммеси, суў көзлерине келиңлер!Ақшасы жоқлар да келип, аўқат алып жеңлер!
Келиңлер, шарап ҳәм сүт алыңлар,
Бийпул, ешейин!
2Не ушын ақшаңызды нан болмаған нәрсеге,
Мийнетиңизди өзлериңизди қанықтырмайтуғын нәрсеге сарплайсызлар?
Мени қунт пенен тыңлап, жақсы нәрсени жеңлер,
Жаныңыз тойымлы аўқатлардан ләззет алсын!
3Қулақ түриңлер ҳәм Маған келиңлер,
Тыңлаңлар, сонда жасайсыз.
Даўытқа болған садық сүйиспеншилигим ҳақы,
Сизлер менен мәңгилик келисим дүзбекшимен.
4Мине, Мен оны халықларға гүўа,
Көсем ҳәм сәрдар қылдым.
5Сен танымаған халықларды шақырасаң,
Сени танымаған халықлар саған келиўге асығады.
Себеби Израилдың Мухаддеси,
Қудайың Жаратқан Ийе болған Мен,
Сени уллылыққа бөлегенмен».
6Табыўға пурсат барда, Жаратқан Ийени излең,
Жақын жерде екен, Оны шақырың.
7Залым өз жолынан,
Жаўыз адам өз нийетинен қайтсын.
Жаратқан Ийеге жүз бурсын,
Жаратқан Ийе реҳим етер,
Қудайымызға қайтсын,
Оның кеширими шексиз!
8«Мениң пикирлерим сизлердикинен өзгеше,
Мениң жолым сизлердикинен басқа,
– дейди Жаратқан Ийе. –
9Аспан жерден қанша жоқары болса,
Мениң жолларым да сизлердикинен сонша жоқары,
Мениң ой-пикирлерим де сизлердикинен жүдә бийик.
10Аспаннан жаўған жаўын менен қар, аспанға қайтпайды.
Ал жерди суўғарып, өсимлик көгертип өсиреди,
Егиў ушын дән, жеў ушын нан береди.
11Мениң аўзымнан шыққан сөз де соған уқсайды:
Ол орынланбай, Маған қайтпайды.
Ол Мениң еркимди орынлайды,
Неге жиберген болсам, сол әмелге асады».
12Сонлықтан сизлер қуўаныш пенен шығасызлар,
Парахатшылық пенен жетеленесизлер.
Таўлар ҳәм төбешиклер алдыңызда қосық айтып,
Даладағы барлық ағашлар қол шаппатлайды.
13Тикенли пута орнына сәрўи ағашы,
Тикенектиң орнына мирта ағашы өседи.
Бул Жаратқан Ийениң даңқын асыратуғын,
Сөнбейтуғын мәңги белги болады.
Copyright information for
KaaIBT22C