Isaiah 56
Жаратқан Ийениң пүткил миллетлерди қабыл етиўи
1Жаратқан Ийе былай дейди:«Әдалатты сақлаң, туўры болған ислерди ислең,
Себеби тез арада Мениң қутқарыўым келип,
Азат қылыўым аян болады.
2Мынаны ислейтуғын адам,
Оны муқыят орынлайтуғын адам баласы, қандай бахытлы!
Бундай адам Шаббат күнине әмел қылады, оны хорламайды,
Қолын жаўыз ислерден тыяды.
3Жаратқан Ийеге бағышланған жат жерлилердиң ҳеш бири:
„Жаратқан Ийе мени Өз халқынан биротала айырып таслайды“, – демесин.
Ҳеш бир ақта да: „Мен тек бир қуўрап қалған терекпен“, – деп айтпасын».
4Себеби Жаратқан Ийе былай дейди:
«Шаббатыма әмел қылыўшы,
Маған унаған нәрселерди таңлаўшы,
Келисимиме садық болған ақталарға,
5Ибадатханамда, дийўалларымның ишинде,
Улларым менен қызларымнан да гөре жақсырақ,
Естелик белги ҳәм ат беремен.
Мен оларға жоғалмайтуғын, мәңгилик бир ат беремен.
6Жаратқан Ийеге хызмет етиў,
Оның атын сүйиў,
Оның қулы болыў ушын,
Жаратқан Ийеге өзин бағышлаған жат жерлилерди,
Шаббат күнине әмел қылып, оны хорламағанларды,
Келисимимди беккем сақлағанларды,
7Мухаддес таўыма алып келемен.
Дуўа ететуғын Үйимде оларды қуўанышқа бөлеймен.
Олардың жандырылатуғын қурбанлықлары ҳәм басқа қурбанлықлары,
Қурбанлық орнымда қабыл етиледи.
Мениң Үйим ҳәмме халықлар ушын,
Дуўа ететуғын үй деп аталады».
8Израилдың қуўғын болғанларын жыйнап алатуғын,
Қудай Ийе былай дейди:
«Мен жыйнағанларыма қоса,
Басқаларды да жыйнайман».
Израилдың жаўыз басшыларының ҳүким қылыныўы
9Ҳәй, даладағы жабайы ҳайўанлар,Ҳәй, тоғайдағы жабайы ҳайўанлар,
Келип, жеңлер!
10Израилдың гүзетшилери соқыр,
Олардың ҳәммеси надан,
Барлығы үрмейтуғын тилсиз ийтлер,
Олар жатып алып, түс көреди,
Уйқыны жақсы көреди.
11Олар тойғанын билмейтуғын ашкөз ийтлер.
Ақылсыз шопанлардың ҳәр бири,
Өз пайдасын гөзлеп,
Өз жолынан кетеди.
12Олар: «Келиң, шарап ишейик!
Өткир ишимликке тояйық!
Ертең де бүгингидей болады,
Ҳәтте, буннан да жақсырақ болар», – дейди.
Copyright information for
KaaIBT22C