‏ Isaiah 57

Опасыз халық

1Әдил адам өлип кетип атыр,
Бирақ ҳеш ким буны жүрекке жақын алмайды.
Садық адамлар жоқ болып кетип атыр,
Себебин ҳеш ким түсинбейди.
Әдил адам жаўызлықтан қутылып,
2Тыныш жерге киреди.
Туўры жолдан жүргенлер өз қәбиринде тынығады.

3«Сизлер болсаңыз, ҳәй, палкерлердиң балалары,
Неке ҳадаллығын бузыўшы ҳәм бузықлардың урпақлары,
Берман келиң!
4Сизлер кимниң үстинен күлип турсыз?
Кимди мазақлап,
Кимге тилиңизди шығарып турсыз?
Сизлер қозғалаңшылардың балалары,
Жалғаншылардың зүряды емессиз бе?
5Сизлер кийели теребинфлердиң арасында,
Ҳәр бир қойыў жапырақлы терек астында,
Қуштарлық отында өртендиңиз.
Сайларда ҳәм жартастың қуўысларында,
Балаларыңызды қурбанлыққа усындыңыз.
6Сениң пайың – дәрьяның сыйпақ таслары арасындағы бутлар,
Несийбең – солар болады.
Оларға ишимлик садақаларын қуйдың,
Ғәлле садақасын бердиң.
Булардан кейин де, сени жазасыз қалдырайын ба?
7Бийик ҳәм уллы таў үстине төсегиңди салып,
Қурбанлық бериў ушын сол жерге шықтың.
8Қапы ҳәм жақлаўыңның арғы жағына,
Өз бутларыңның мүсинлерин қойдың.
Мени таслап кетип, жалаңашланып, төсегиңе кирдиң.
Төсегиңди кең жайдың.
Ким менен төсекте жақсы болса,
Соның менен питим дүздиң.
Олардың жалаңаш денесине тигилип қалдың.
9Хош ийисли май алып, Молохқа бардың,
Әтирлериңди көбейттиң.
Елшилериңди узақларға жолладың,
Ҳәтте, өлилер мәканына жибердиң.
10Узақ сапар сени талықтырды,
Бирақ сонда да үмитиңди үзбедиң.
Күшиңди қайта тикледиң,
Сол себепли ҳалдан таймадың.

11Мени алдап, есиңнен шығаратуғындай,
Жүрегиңнен Маған орын бермейтуғындай,
Кимнен айбынып, кимнен қорқтың?
Узақ ўақыт үндемегеним себепли,
Меннен қорқпайсаң ба?
12Жалған әдиллигиңди, ислериңди әшкара қыламан,
Булардан саған пайда болмайды.
13Пәрияд еткениңде,
Жыйнап қойған бутларың қутқарсын!
Оларды самал ушырып алып кетеди,
Үплеген жел оларды көтерип кетеди.
Бирақ Мени паналаған адам жерди ийелейди,
Мениң мухаддес таўымды мийрасқа алады».

Қудайдың жубатыўшы сөзи

14Жаратқан Ийе былай дейди:
«Топырақты тегислеп, жол салың,
Халқымның жолындағы бөгетлерди алып таслаң».

15Бийик ҳәм бәлент Болған,
Мәңги жасайтуғын,
Аты Мухаддес Болған былай дейди:
«Мен бийик, мухаддес жерде жасайман,
Сондай болса да, руўхы түскенлердиң руўхын көтериў,
Езилгенлердиң жүрегин жанландырыў ушын,
Езилгенлер ҳәм руўхы түскенлер менен биргемен.
16Мен адамларды бәрқулла айыплап,
Мәңгиге ғәзепленбеймен.
Болмаса, Мен жаратқан инсанлардың руўхы,
Жаны алдымда тура алмас еди.
17Ҳарам пайдаға өшлиги ушын ғәзепленип,
Мен оларды жазаладым,
Қәҳәрленип, жүзимди жасырдым.
Бирақ олар қайтыўдан бас тартып,
Жүреги қәлеген жолдан кетти.
18Мен олардың жолларын көрдим,
Деген менен, оларға шыпа беремен.
Оларды жетелеп, қайғырғанларды қайта жубатаман.
19Аўызларына алғыс-мақтаў сөзлерин саламан.
Узақтағыларға да, жақындағыларға да тынышлық болсын!
– дейди Жаратқан Ийе. –
Мен оларды шыпалайман!
20Бирақ жаўызлар толқынланған теңизге уқсайды,
Ол тыныш тура алмайды,
Суўлары ылай менен балшықты шығара береди,
21Жаўызлар ушын тынышлық жоқ»,
– дейди Қудайым.
Copyright information for KaaIBT22C