Isaiah 58
Ҳақыйқый ораза
1«Даўысыңды қыспай, қатты бақыр!Даўысың кәрнайдың сестиндей болып шықсын!
Халқыма қылмысларын,
Яқыптың нәсилине гүналарын жәрияла!
2Олар ҳәр күни Мени излер,
Жолларымды билиўден заўық алмақшымыш!
Туўры ис ислеген,
Қудайдың көрсетпелеринен жүз бурмаған халық киби,
Меннен әдил қарар сорайды,
Қудайға жақын болыўды әрман етеди.
3Олар: „Бизлер ораза туттық,
Сен неге көрмедиң?
Өзимизди бойсындырдық,
Неге итибар бермедиң?“– дейди.
Мине, сизлер ораза тутқан күниңиздиң өзинде,
Қәлегениңизди қылып,
Жумысшыларыңызды езесиз.
4Мине, ораза тутып атырып даў-жәнжел қыласыз,
Зорлық пенен муш көтересиз.
Бүгингидей ораза менен,
Даўысыңызды жоқарыға еситтире алмайсыз.
5Мен қәлеген ораза,
Адам өзин бойсындырған күн усындай бола ма?
Қамыс киби басыңызды ийип,
Аза кийимин кийип, күлге жатыўды,
Ораза, яғный Жаратқан Ийеге унайтуғын күн деп атайсыз ба?
6Мен қәлеген ораза,
Әдалатсызлық шынжырларын шешиў,
Мойынтырық жиплерин үзиў,
Езилгенлерди азат етиў,
Ҳәр қандай мойынтырықты сындырыў емес пе?
7Наныңды аш пенен бөлисип жеп,
Үйсиз жарлыларға үйиңнен орын бериў емес пе?
Жалаңашты көргенде кийим берип,
Жақынларыңнан жәрдемиңди аямаў емес пе?
8Сонда нурың шуғла киби жарқырап,
Тез шыпа табасаң.
Әдиллигиң алдыңда жүрип,
Жаратқан Ийениң салтанаты изиңде қорғаның болады.
9Кейин шақырсаң, Жаратқан Ийе жуўап береди,
Пәрияд етсең, Ол: „Мен мындаман“, – дейди.
Араңыздан мойынтырықты алып таслап,
Бармақ шошайтып көрсетиўди ҳәм өсекти тоқтатсаң,
10Ашлар ушын жаныңды пидә етсең,
Қыйналғанларды мүтәж заты менен тәмийинлесең,
Онда қараңғылықта нурың сәўле шашып,
Тас түнегиң түски ўақыттай болады.
11Жаратқан Ийе сени бәрқулла жетеклейди,
Қурғақ жерде де керегиң менен тәмийинлейди.
Сүйегиңе қуўат береди.
Сен суўғарылған бағ киби,
Суўы қурымайтуғын булақ киби боласаң.
12Ески қарабақаналарың қайта тикленеди,
Көп урпақлардан қалған,
Қарабақаналардың тийкарын қайта тиклейсең.
Сен: „Қыйраған дийўалларды оңлайтуғын,
Жасаў ушын көшелерди қайта тиклейтуғын“, – деп аталасаң.
13Шаббат күнин аяқ асты қылыўдан,
Мухаддес күнимде қәлегениңди қылыўдан сақлансаң,
Шаббат күнимди заўықлы,
Жаратқан Ийениң мухаддес күнин ҳүрметли деп атасаң,
Өзиңе унағанын ислеп,
Кейпи-сапаны излемесең,
Бос сөзлерди сөйлемесең,
Сол күнди ҳүрметлесең,
14Сонда Жаратқан Ийеден заўық аласаң.
Мен сени дүньяның бәлентликлерине шығарып,
Әкең Яқыптың мийрасын саған беремен».
Буны Жаратқан Ийе айтады.
Copyright information for
KaaIBT22C