Isaiah 59
Гүна ҳәм жаза
1Билип қойың, Жаратқан Ийениң қолы қутқара алмайтуғындай қысқа емес,Қулағы да еситпейтуғындай, аўыр емес.
2Деген менен, қылмысларыңыз Қудайыңыз бенен араңызға суўықлық салды,
Гүналарыңыз Оның жүзин сизлерден жасырды,
Сонлықтан Ол сизлерди еситпейди.
3Қолларыңыз қан менен,
Бармақларыңыз қылмыс пенен ҳарамланды.
Аўзыңыз жалған айтып,
Тилиңиз өтирик сөзлер сөйлейди.
4Ҳеш ким әдилликке шақырмайды,
Ҳеш ким ҳадал даўласпайды.
Өзлериниң бос сөзлерине сүйенип, жалған сөйлейди,
Бузғынлыққа ҳәмиледар болып, жаўызлық туўады.
5Олар уўлы жыланның мәйегин қурық басады,
Өрмекшиниң аўын тоқыйды.
Олардың мәйегин жеген өледи,
Сынған мәйектен зәҳәрли жылан шығады.
6Аў тоқыған менен ҳеш нәрсеге ериспейди,
Дүзген жобалары пайдасыз.
Олардың ислери жарамас ислер,
Қоллары зорлық қылады.
7Аяқлары жаманлыққа жуўырады,
Бийгүна қан төгиўге асығады.
Ойлары жаўызлыққа толы,
Талан-тараж ҳәм қырғын бар жолларында.
8Сол жоллардан жүретуғынлар,
Тынышлықтың не екенин билмейди.
Әдалат жоқ жолларында,
Өзлерине қыйсық жоллар иследи,
Тынышлықтың не екенин билмейтуғынлар,
Сол жоллардан жүреди.
Халықтың өз гүналарын мойынлаўы
9Сонлықтан әдалат бизден узақта,Әдиллик бизге жетип келмеди.
Нурды күтемиз, бирақ тек қараңғылық бар,
Жақтылық излеймиз, бирақ түнекте жүремиз.
10Соқырдың дийўалды сыйпалағанына уқсап,
Көзли киби қармаланамыз,
Күпә-күндиз ымырт жабылғандай сүрнигемиз,
Күшлилер арасында өлидеймиз.
11Ҳәммемиз айыўлар киби бақырамыз,
Кептерлер киби шырылдаймыз.
Әдалатты күттик, бирақ ол жоқ,
Қутқарылыўды күттик, бирақ ол бизден алыста.
12Алдыңда қылмысларымыз көп,
Гүналарымыз бизге қарсы гүўалық бермекте.
Қылмысларымыз көз алдымызда,
Айыпларымызды өзимиз билемиз.
13Бойсынбай, Жаратқан Ийени тәрк еттик,
Қудайымыздан жүз бурдық,
Зулымлық пенен сөйледик, бас көтердик,
Жүрегимиз ҳәмиледар болған жалғанды сөйледик.
14Әдалат қуўылды, әдиллик узақта қалды.
Ҳақыйқат қала майданында қулады,
Ҳадаллық арамызға кире алмайды.
15Ҳеш жерде ҳақыйқат жоқ,
Зулымлықтан бас тартқан таланады.
Жаратқан Ийе халқын қутқармақшы
Жаратқан Ийе буны көрип,Әдалаттың жоқлығына қапа болды.
16Жаратқан Ийе ҳеш кимниң жоқлығын көрди,
Араласатуғын ҳеш кимниң жоқлығына ҳайран қалды.
Өз қолы Оны жеңиске еристирди,
Әдиллиги Оған сүйениш болды.
17Ол әдилликти саўыт киби кийди,
Қутқарылыў дуўлығасын басына кийди.
Өш алыўды Ол кийим киби кийип алып,
Ғәзепти шапан киби жамылды.
18Ол ҳәр кимге исине жараса жаза береди.
Душпанларына қәҳәрин төгип,
Жаўларына жазасын тартқызады.
Ҳәтте, шетки атаўларға да есесин қайтарады.
19Батыстағылар Жаратқан Ийениң атынан,
Шығыстағылар Оның даңқынан қорқады.
Себеби Жаратқан Ийе Өз деми менен қуўған,
Тасқын суўдай болып келеди.
20«Мен Әмеңгери сыпатында Сионға,
Яқыптың урпақларының тәўбе қылғанларына келемен»,
– дейди Жаратқан Ийе.
21«Мениң олар менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе. – Саған берген Руўхым ҳәм аўзыңа салған сөзим бүгиннен баслап сениң де, балаларыңның да, балаларыңның балаларының да, – дейди Жаратқан Ийе, – мәңгиге аўзынан түспейди».
Copyright information for
KaaIBT22C