Isaiah 6
Жаратқан Ийениң Ийшаяны шақырыўы
1Патша Уззия өлген жылы мен бийик ҳәм салтанатлы тахт үстинде отырған Ийемизди көрдим. Оның кийиминиң етеклери Ибадатхананы толтырып турған еди. 2Оның жоқарысында серафлар ▼▼ Серафлар – жалынлы аспан барлықлары.
турған болып, ҳәр бириниң алты қанаты бар еди. Олар еки қанаты менен жүзин, еки қанаты менен аяқларын жаўып, ал қалған екеўи менен ушып турған еди. 3Олар бир-бирине даўыслап былай деп айтып турды:«Әлемниң Жаратқан Ийеси,Мухаддес, мухаддес, мухаддес!
Пүткил әлем Оның салтанатына толған».
4Олардың даўысынан қапының жақлаўлары қозғалып, Ибадатхана түтинге толды. 5Сонда мен: – Сорым қурысын! Қурып қалдым! Өйткени мен аўзы ҳарам адамман ҳәм аўзы ҳарам адамлар арасында жасап атырман. Деген менен, Патшаны – Әлемниң Жаратқан Ийесин көзлерим көрди, – дедим. 6Буннан соң, серафлардың бири маған қарай ушты. Оның қолында түтетки түтетилетуғын орыннан әтөшкир менен алынған қоз бар еди. 7Ол қозды аўзыма тийгизип: – Мине, бул қоз еринлериңе тийди. Енди қылмысларың алып тасланды, гүналардан пәклендиң, – деди. 8Соңынан Ийемиздиң: – Кимди жиберейин? Бизлер ушын ким барады? – деген даўысын еситтим. – Мине, мени жибер, мен бараман, – дедим мен. 9Ол былай деди: – Барып, бул халыққа: «Тыңлап турасыз, бирақ түсинбейсиз,
Қарап турасыз, бирақ мән бермейсиз», – деп айт.
10Солай етип, бул халықтың жүрегин сезимсиз қыл,
Қулақларын аўырластыр,
Көзлерин гүңгиртлестир.
Олар көзлери менен көрмесин,
Қулақлары менен еситпесин,
Жүреклери менен сезбесин,
Маған қайтып келип, шыпа таппасын.
11Мен Оннан: – Ийем, бул қашанға дейин даўам етеди? – деп сорадым. Ол былай деп жуўап берди: – Қалалар қыйрап, қаңырап босап,
Үйлер адамсыз қалғанша,
Жерлер қаңырап, ўайран болғанша,
12Мен, Жаратқан Ийе ҳәммесин узақларға қуўып жиберип,
Елде таслап кетилген жерлер көбейгенше.
13Егер де елде халықтың оннан бири қалса да,
Оны қайтадан жоқ қыламан.
Бирақ кесип тасланғанда түбири қалған,
Теребинф ямаса емен ағашы сыяқлы,
Мухаддес туқым да түбирден қайта шығады.
Copyright information for
KaaIBT22C