Isaiah 60
Ерусалимниң салтанатлы келешеги
1«Тур, жарқыра, сениң нурың келди,Жаратқан Ийениң салтанаты үстиңе шашылды.
2Мине, жер жүзин қараңғылық,
Халықларды тас түнек қаплады.
Бирақ сениң үстиңде Жаратқан Ийе жарқырап,
Оның уллылығы көринеди.
3Миллетлер сениң нурыңа,
Патшалар таң нурыңның шуғласына келеди.
4Басыңды көтерип, айланаға қара,
Ҳәммеси жыйналып, саған киятыр.
Улларың узақлардан келеди,
Қызларыңды қолларында көтерип әкеледи.
5Сонда оларды көрип, жүзиң жарқырап,
Шадлықтан жүрегиң ҳәўлиреди.
Себеби теңиз арқалы келетуғын байлықлар саған несип етип,
Халықлардың байлықлары саған келеди.
6Түйе кәрўаны жериңди қаплап кетип,
Мидян ҳәм Эфадан келген жас түйелер кәрўанына толасаң.
Олардың ҳәммеси Шебадан келеди,
Алтын ҳәм хош ийисли затлар алып келип,
Жаратқан Ийеге алғыслар айтады.
7Кедардың барлық сүриўлери сенде жыйналады,
Небайоттың қошқарлары саған хызмет етип,
Олар қурбанлық орнымда қурбанлыққа қабыл етиледи,
Мен салтанатлы Үйимди даңққа бөлеймен.
8Бултқа уқсап, уясына киятырған кептерге уқсап,
Ушып киятырған мыналар кимлер?
9Атаўлар мени күтеди.
Қудайың Жаратқан Ийе,
Израилдың Мухаддеси ҳүрмети,
Үлкен саўда кемелери бириншилерден болып,
Улларыңды алыслардан,
Гүмис ҳәм алтыны менен бирге алып келеди.
Себеби Жаратқан Ийе сени даңққа бөледи.
10Жат жерлилер дийўалларыңды қурады,
Патшалары саған хызмет етеди.
Ғәзепленгенимде, сени жазалаған болсам да,
Мийримим түскенде, реҳим етемен.
11Дәрўазаларың мудамы ашық болып,
Олар күни-түни жабылмайды.
Миллетлер өз патшалары менен сүргин қылынып,
Байлықларын саған алып келе береди.
12Саған хызмет етпеген миллет ҳәм патшалық жоқ болады,
Бундай халықлар пүткиллей ўайран қылынады.
13Мухаддес Үйимди безеў ушын,
Лебанонның сәнли ағашлары:
Сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашлары саған алып келинеди.
Мен аяқ басқан жеримди салтанатлы қыламан.
14Саған жәбир қылғанлардың балалары келип,
Саған тәжим етеди.
Сени кемситкенлердиң ҳәммеси аяғыңа жығылады.
Сени Жаратқан Ийениң қаласы,
Израилдың Мухаддесиниң Сионы деп атайды.
15Тәрк етилип, жек көринишли болдың,
Сен арқалы ҳеш ким өтпеди.
Бирақ Мен сени мәңгиге уллы қылып,
Әўладтан-әўладқа шадлыққа бөлеймен.
16Миллетлер сени ана киби емизер,
Патшалар саған көкирек сүтин берер.
Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе – Қутқарыўшың,
Әмеңгериң, Яқыптың Күшли Қудайы екенимди билесең.
17Саған қола орнына алтын,
Темир орнына гүмис,
Ағаш орнына қола,
Тас орнына темир беремен.
Парахатшылықты ҳәкимиң,
Әдилликти ҳүкимдарың қыламан.
18Жериңде буннан былай зорлық-зомбылық,
Шегараң ишинде қырғын ҳәм ўайраншылық еситилмейди.
Дийўалларыңды „Қутқарылыў“,
Дәрўазаларыңды „Алғыс“деп атайсаң.
19Саған күндиз қуяш нуры,
Түнде ай сәўлеси ҳәжет болмайды.
Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болады,
Қудайың сениң уллылығың болады.
20Буннан былай, қуяшың батпас,
Айыңның да сәўлеси өшпес.
Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болады,
Қайғылы күнлериң тамам болады.
21Пүткил халқың әдил болып,
Жерди мәңги ийелейди.
Уллылығымды аян қылыў ушын,
Мен оларды ектим, олар Мениң қолларымның иси.
22Олардың ең азы – мың адамға,
Ең кишкенеси – күшли миллетке айланады.
Мен – Жаратқан Ийемен.
Өз ўақтында, буны тез әмелге асыраман».
Copyright information for
KaaIBT22C