‏ Isaiah 61

Жаратқан Ийениң мийримлилик жылы

1Қудай Ийениң Руўхы мениң үстимде.
Ол мени жарлыларға хош хабар жәриялаў ушын майлады.
Мени жаралы жүреклерди емлеўге,
Тутқынлардың азатлыққа,
Қамақтағылардың еркинликке шығатуғынын,
2Жаратқан Ийениң мийримлилик жылын,
Қудайымыздың өш алатуғын күнин жәриялаўға,
Барлық қайғыға батқанларға жубаныш бериўге,
3Сионда қайғы басқанларға ғамхорлық қылыўға,
Күл орнына сәнли таж,
Қайғы орнына шадлық майын,
Ғамлы руўх орнына алғыс тонын бериўге жиберди.
Олар Жаратқан Ийениң даңқын көрсетиў ушын егилген,
Әдиллик теребинфлери деп аталады.
4Олар әййемги қарабақаналарды қайта қурып,
Ески қыйраған орынларды қайта тиклейди.
Әўладтан-әўладқа ўайран болып,
Қыйрап қалған қалаларды абат қылады.

5Жат жерлилер сизлердиң сүриўлериңизди бағып,
Шет еллилер дийхан ҳәм бағманыңыз болады.
6Сизлер болса, Жаратқан Ийениң руўханийлери,
Қудайымыздың хызметшилери деп аталасыз.
Сизлер миллетлердиң байлығынан ләззет алып,
Олардан алған қазналарға мақтанасыз.
7Бурын уятқа қалғаныңыз ушын есесин аласыз,
Хорлық орнына алған жер үлесиңиз ушын шадланасыз.
Өз жериңизден еки есе үлес аласыз,
Мәңгилик қуўаныш сизлердики болады.

8«Мен, Жаратқан Ийе әдалатты сүйемен,
Таланшылық ҳәм наҳақлықты жек көремен.
Садықлық пенен ылайықлы сыйын берип,
Олар менен мәңгилик келисим дүземен.
9Олардың әўладлары миллетлер арасында,
Урпақлары халықлар арасында танымалы болады,
Оларды көргенлердиң ҳәр бири,
Жаратқан Ийе жарылқаған халық екенин аңлайды».

10Мен Жаратқан Ийеде шадланаман,
Жаным Қудайымда йошланар.
Өйткени Ол маған қутқарылыў кийимин кийгизди.
Маған әдиллик шапанын жапты.
Мен таж кийген күйеўге,
Безениў буйымларын таққан келинге уқсайман.
11Топырақтың өсимликти шығарғаны киби,
Бағдың егилген нәрселерди өсиргени сыяқлы,
Қудай Ийе де әдиллик ҳәм алғысты,
Пүткил миллетлердиң көз алдында өсирди.
Copyright information for KaaIBT22C