‏ Isaiah 62

Сионның таза аты

1Әдиллиги нур киби,
Қутқарылыўы шом киби парлап жанбағанша,
Сион ҳақы үндемей қалмайман,
Ерусалим ҳақы тыныш турмайман.
2Миллетлер әдиллигиңди,
Барлық патшалар уллылығыңды көреди.
Сен Жаратқан Ийе Өз аўзы менен қоятуғын,
Таза ат пенен аталасаң.
3Сен Жаратқан Ийениң қолындағы гөззаллық гүлтажы,
Қудайыңның қолындағы патшалық тажы боласаң.

4Енди саған «Тәрк етилген», деп айтпас,
Жериңди «Қаңырап қалған», деп атамас.
Бирақ саған «Сүйиклим»,
Жериңе «Келиншегим», делинеди.
Себеби Жаратқан Ийе сени сүйеди,
Жериң де хожалықлы болады.
5Жигиттиң қызға үйленгениндей,
Улларың да саған ийелик етеди.
Күйеўдиң келин ушын қуўанғаны сыяқлы,
Қудайың да сен ушын қуўанады.

6Ҳәй Ерусалим, дийўалларыңа гүзетшилер қойдым,
Олар күни-түни үнсиз қалмас.
Ҳәй, Жаратқан Ийени еске алыўшылар,
Өзлериңизге тынышлық бермең.
7Ерусалимди беккемлеп,
Оны жер жүзиниң даңқы қылмағанша,
Жаратқан Ийеге тынышлық бермең.

8Жаратқан Ийе оң қолы,
Қүдиретли қолы менен ант ишти:
«Енди ғәллеңди душпанларыңа азық ушын бермеймен,
Жат еллилер мийнетиң сиңген шарабыңнан ишпейди.
9Зүрәәтин жыйнағанлар жеп,
Жаратқан Ийеге алғыс айтады,
Жүзимин жыйнағанлар,
Мухаддес ҳәўлилеримде шарабын ишеди».

10Келиңлер, келиңлер, дәрўазалардан шығыңлар!
Қайтып киятырған халыққа жол таярлаңлар.
Бийик етип жол салыңлар!
Тасларды алып таслаңлар!
Халықлар ушын байрақ тигиңлер!
11Жаратқан Ийе жердиң төрт тәрепине жәриялады:
«Қыз Сионға былай деп айтыңлар:
„Мине, Қутқарыўшың киятыр!
Оның сыйы жанында, инамы алдында!“»
12Турғынларың «Жаратқан Ийе қутқарған мухаддес халық», деп аталады.
Өзиң «Қудай излеп тапқан, тәрк етилмеген қала», деп аталасаң.
Copyright information for KaaIBT22C