Isaiah 64
1Жаратқан Ийе, көклерди жарып, төменге түскениңде еди!Алдыңда таўлар титиресер еди!
2Атыңды душпанларға таныт.
Жалынның отынды жандырып, суўды қайнатқанындай,
Миллетлерди алдыңда қалтырат!
3Бизлер күтпеген таң қаларлық ислерди ислегениңде,
Жерге түстиң, алдыңда таўлар титиреди!
4Өзинен үмит еткенлер ушын,
Сондай ислерди ислеген жалғыз Қудай Сенсең.
Сеннен басқа қудайды әзелден қулақ та еситпеген, көз де көрмеген.
5Туўры ислерди шадлық пенен ислеп,
Сениң жолларыңды ядында тутқанларды қарсы аласаң.
Бирақ бизлер гүна иследик, Сен ғәзеплендиң.
Бизлер әзелден гүнаға батқанбыз,
Енди қалай бизлер қутқарыла аламыз?
6Ҳәммемиз ҳарам адамдай болдық,
Туўры ислеримиз де патасланған кийимге уқсайды.
Ҳәммемиз жапырақ киби солып атырмыз,
Гүналарымыз бизди самалдай ушырып әкетип баратыр.
7Сениң атыңды айтып шақырған,
Саған өзин толық бағышлаған ҳеш ким жоқ.
Сонлықтан Сен бизлерден жүзиңди жасырып,
Бизлерди гүналарымыз ҳүкимине тапсырдың.
8Сонда да, Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Әкемизсең!
Бизлер ылай, Сен – гүлалшымызсаң.
Ҳәммемиз Сениң қолыңнан шыққанбыз.
9Жаратқан Ийе, бизге қатты ғәзепленбе,
Қылмысларымызды бәрқулла ядта сақлама.
Бизге нәзер сала гөр, жалбарынаман,
Ҳәммемиз Сениң халқыңбыз.
10Мухаддес қалаларың шөлге айланды,
Ҳәтте, Сион да шөлге айланды,
Ерусалим қаңырап босап қалды.
11Мухаддес ҳәм даңқлы Ибадатханамыз,
Ата-бабаларымыз Саған мақтаў айтқан орын,
Өртеп жиберилди.
Биз қәдирлеген нәрселер,
Ўайран болды.
12Жаратқан Ийе, сонда да,
Өзиңди тутып тура бересең бе?
Үндемей, бизлерге шексиз азап бере бересең бе?
Copyright information for
KaaIBT22C