‏ Isaiah 65

Ҳүким ҳәм қутқарыў

1«Мен сорамағанларға Өзимди аян еттим,
Излемегенлер Мени тапты,
Атымды айтып шақырмаған миллетке:
„Мен мындаман, Мен мындаман“, – дедим.
2Өз қәлеўлерине ерип,
Надурыс жолдан жүрген,
Қайсар бир халыққа,
Күни бойы қушағымды ашып турдым.
3Ол халық бағларда бутларға қурбанлық берип,
Гербиштиң үстинде түтетки түтетип,
Жүзиме тик қарап турып,
Үзликсиз ғәзебимди келтиреди.
4Олар қәбирлер арасында отырып,
Түнди сырлы жерлерде өткереди.
Шошқа гөшин жеп,
Қазанларында ҳарам гөш қайнатады.
5Олар: „Ары тур, маған жақынлама,
Мен сен ушын жүдә мухаддеспен“, – дейди.
Олар мурныма ашшы түтиндей болып,
Күни бойы пысқып жанып турған отқа мегзейди.

6Мине, алдымда былай деп жазылған:
Мен үндемей қалмайман,
Исине жараса қайтараман, сөзсиз қайтараман.
7Оларды өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары ушын жазалайман,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Олар таўларда түтетки түтетти,
Төбешиклерде Мени ақыретледи.
Олардың ислеген ислерин өлшеп, есесин қайтараман».

8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Жүзим солқымында еле шире бар гезде,
Биреў: „Оны заялама, берекет сонда ғой“, – дейди.
Мен де қулларым ҳақы солай ислеймен,
Ҳәммесин қырып тасламайман.
9Мен Яқыптан жаңа әўлад,
Яҳудадан таўларымның мийрасхорларын өрбитемен.
Таңлағанларым оларды мийрас етип,
Қулларым сол жерде жасайды.
10Мени излеген халық ушын,
Шарон сүриўлерине жайлаў,
Ахор ойпатлығы малларына тынығатуғын орын болады.

11Бирақ сизлер, Жаратқан Ийени тәрк еткенлер,
Мухаддес таўымды умытқанлар,
Табыс деген қудайға дастурхан жайғанлар,
Тәғдир деген бутқа толтырып шарап қуйып бергенлер,
12Мен сизлердиң тәғдириңизге қылышты жазаман.
Ҳәммеңиз қылыштан қырыласыз.
Себеби шақырғанымда, жуўап бермедиңиз,
Сөйлегенимде, қулақ салмадыңыз.
Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди ислеп,
Маған унамаған нәрселерди таңлап иследиңиз».

13Сол себепли Қудай Ийе былай дейди:
«Мине, қулларым жейди, сизлер аш қаласыз.
Мине, қулларым ишеди, сизлер шөллейсиз.
Мине, қулларым шадланады,
Сизлер болсаңыз шерменде боласыз.
14Мине, қулларымның жүреги шадланып, қосық айтады,
Сизлер жүрек дәртинен дад салып,
Руўхый азап пенен пәрияд етесиз.
15Мениң таңлап алғанларым ушын,
Атыңызды ғарғыс сыпатында қалдырасыз.
Қудай Ийе сизлерди өлимге ҳүким етип,
Өз қулларына басқа ат береди.
16Елде пәтия берген ҳәр бир адам,
Ҳақыйқат Қудайының аты менен пәтия береди,
Елде ант ишкен ҳәр бир адам,
Ҳақыйқат Қудайы ҳақы ант ишеди.
Бурынғы қапашылық умытылып,
Қайтып көзиме түспейтуғын болады».

Жаңа аспан ҳәм жаңа жер

17«Мине, Мен жаңа аспан ҳәм жаңа жер жаратаман.
Бурынғылар енди ядқа алынбас, ойға да келмес.
18Жаратқанларыма мәңгиге қуўанып, шадланың.
Өйткени Мен Ерусалимди шадлық ушын,
Халқын қуўанышқа толтырыў ушын жаратаман.
19Өзим де Ерусалим ушын қуўанып,
Халқым ушын шадланаман.
Енди ол жерде жылаған да, дад салған да сес еситилмес.
20Енди онда нәрестелер қаза таппас,
Узақ өмир сүрмеген ғарры да болмас.
Жүз жаста өлген жас саналар,
Жүз жасқа жетпей өлген ғарғыс урған есапланар.
21Олар үйлер қурып, онда жасар,
Жүзимзарлар отырғызып, мийўесин жер.
22Енди олар қурған үйде, басқалар жасамас,
Енди олар отырғызған нәлдиң мийўесин басқалар жемес.
Халқымның өмири тереклердиң өмириндей узақ болар,
Таңлап алғанларым өз мийнетиниң жемисинен ләззет алар.
23Олар бийҳудаға мийнет етпес,
Апат ушын бала туўмас.
Олардың өзлери де, урпақлары да,
Жаратқан Ийе жарылқаған халық болар.
24Мени шақырмастан-ақ, оларға жуўап беремен,
Айтпай атырып, еситемен.
25Қасқыр ҳәм қозы бирге отлар,
Арыслан өгиз сыяқлы от жер,
Ал жылан ушын топырақ азық болар.
Мениң мухаддес таўымның барлық жеринде,
Ҳеш кимге зыян келтирилмес,
Ҳеш ким жоқ қылынбас»,
– дейди Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C