‏ Isaiah 66:1-2

Ҳүким ҳәм үмит

1Жаратқан Ийе былай дейди:
«Көклер – Мениң тахтым,
Жер – Мениң аяқ басарым!
Сонда Маған қандай үй қурмақшысыз?
Мениң дем алатуғын орным қай жерде болады?
2Ҳәммеси Мениң қолым менен жаратылған,
Ҳәммеси Меники,
– дейди Жаратқан Ийе. –

Сонда да Мен кишипейилге, руўхый езилгенге,
Сөзимнен қалтырайтуғынға нәзер саламан.
Copyright information for KaaIBT22C