‏ Isaiah 7

Патша Ахазға берилген белги

1Уззияның ақлығы Иотамның улы Ахаз Яҳудаға патшалық қылған дәўирде Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимге урыс ашты, бирақ басып ала алмады.

2Даўыттың урпағы Арамның Эфрайым
Эфрайым – арқа патшалық, яғный Израил нәзерде тутылған.
менен бирлескенин еситкенде, Ахаздың ҳәм оның халқының жүреги тоғайдағы даўыл тербеткен тереклер киби шайқалып, дирилдеди.
3Сол арада Жаратқан Ийе Ийшаяға былай деди:

– Улың Шеар-Яшуб
Шеар-Яшуб – «тири қалғанлар қайтады» дегенди билдиреди.
пенен бирге кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳәўизге суў қуйылатуғын жерге барып, Ахазды қарсы ал.
4Оған былай деп айт: «Абайлы бол, тынышлық сақла, қорқпа! Пысқып, шала жанып турған еки отын қалдығынан – Арам патшасы Ресинниң ҳәм Ремалияның улының лаўлаған ғәзебинен руўхың түспесин. 5Арам Эфрайым ҳәм Ремалияның улы менен саған қарсы жаман жоба дүзип: 6„Келиң, Яҳудаға шабыўыл жасайық, оны қорқытып, басып алайық ҳәм Табеелдиң улын патша етип қояйық“, – дейди.

7Бирақ Қудай Ийе былай дейди:

„Бул әмелге аспайды,
Жүз бермейди де,
8Дамаск тек Арамның пайтахты,
Ресин болса тек ғана Дамасктиң басы.
Эфрайым алпыс бес жыл ишинде халық болыўдан қалады.
9Самария тек Эфрайымның пайтахты,
Ал Ремалияның улы болса тек ғана Самарияның басы.
Егер исенимиңизде беккем турмасаңыз,
Сизлер де ҳеш қашан беккем тура алмайсыз“».

10Жаратқан Ийе Ахазға қайтадан:

11– Қудайың Жаратқан Ийеден белги сора. Белги өлилер мәканынан тереңде, аспаннан бийикте болса да сорай бер, – деди.

12Бирақ Ахаз:

– Мен сорамайман, Жаратқан Ийени сынамайман, – деди.

13Сонда Ийшая былай деди:

– Онда тыңлаң, ҳәй Даўыттың урпақлары! Адамлардың шыдамын сынағаныңыз аз болғандай, енди Қудайымның да шыдамын сынамақшымысыз?
14Солай етип, Ийениң Өзи сизлерге белги береди: Мине, қыз ҳәмиледар болып ул туўады. Оның атын Иммануел
Иммануел – «Қудай бизлер менен бирге» дегенди билдиреди.
деп қояды.
15Ол жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, қатық ишип, пал жейди. 16Себеби бала жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, сени қорқытқан сол еки патшаның жери шөлге айландырылады. 17Бирақ Жаратқан Ийе Ассирия патшасы арқалы сениң, халқыңның ҳәм ата-бабаларыңның урпақларының басына Эфрайымның Яҳудадан айырылған күнинен бери болып көрилмеген аўыр күнлерди салады.

18Сол күни Жаратқан Ийе Мысыр дәрьяларының аяқ ушларындағы шыбынларды ҳәм Ассирия жерлериндеги ҳәррелерди ысқырып шақырады. 19Олар ушып келип, дәрья жағасындағы ойпатлықларға, жартаслардың жарықларына, барлық тикенекли путаларға ҳәм барлық жайлаўларға орналасып алады.

20Сол күни Ийемиз Евфрат дәрьясының арғы жағынан жаллап алынған пәки – Ассирия патшасы арқалы шашыңызды, аяқларыңыздағы түклерди, ҳәтте, сақалларыңызды да алып таслайды. 21Сол күн келгенде ким де ким бир қашар ҳәм еки қойды сақлап қала алса, 22олар берген мол сүттен, сол адам қатық ишеди. Елде қалған ҳәр бир адам қатық ишип, пал жейди.

23Сол күни баҳасы мың шекел
Мың шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмиске тең болған мың жүзим нәли отырғызылған ҳәр бир бағды шат тикен ҳәм жантақ қаплап кетеди.
24Пүткил елди тикен ҳәм жантақ қаплап кеткенликтен, адамлар ол жерге оқ жай ҳәм оқлары менен аңға келеди. 25Бир ўақытлары ислеў берип пайдаланған төбешиклердиң ҳеш бирине енди тикен ҳәм жантақлардан қорқып, бара алмайсызлар. Ол жерлер сыйыр бағылып, қой басқылайтуғын жерге айланады.
Copyright information for KaaIBT22C