‏ Isaiah 8

Ассирия патшасының урысы

1Жаратқан Ийе маған:

– Үлкен бир тахта ал да, оған анық етип: «Маҳер-Шалал-Хаш-Баз»
Маҳер-Шалал-Хаш-Баз – «асығыс тонап, тез олжалаў» дегенди билдиреди.
деп жаз.
2Мен руўханий Урия менен Еберехия улы Зехарияны исенимли гүўалар етип тайынлайман, – деди.

3Кейин мен пайғамбар ҳаялым менен жаттым. Ол ҳәмиледар болып, ул туўды. Сонда Жаратқан Ийе маған:

– Атын Маҳер-Шалал-Хаш-Баз қой.
4Бала «аға, апа» деп айтып үлгерместен алдын, Ассирия патшасы Дамасктиң байлығын ҳәм Самариядан тартып алған олжаларын алып кетеди, – деди.

5Жаратқан Ийе сөзин даўам етип маған былай деди:

6– Бул халық тыныш ағып турған Шилоах суўларынан ўаз кешип, Ресин ҳәм Ремалияның улына қуўанды. 7Сонлықтан, Ийеңиз болған Мен Евфраттың мол ҳәм бурқасынлаған суўын – Ассирия патшасын ҳәм оның пүткил қүдиретин үстиңизге баслап келмектемен. Ол барлық кәнарларынан шығып, пүткил жағаны басып кетеди. 8Суў тасқыны Яҳуданы басып, алқымына келеди. Иммануел, оның жайылған қанатлары пүткил елиңди қаплайды!

9Ҳәй халықлар, жыйналыңлар, набыт боласызлар! Қулақ түриңлер, ҳәй узақтағы еллердиң ҳәммеси! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар! 10Бирге мәсләҳәт қурың, бирақ ол пушқа шығады. Сөз сөйлейсиз, бирақ ол әмелге аспайды. Себеби Қудай бизлер менен бирге!

Жаратқан Ийениң ескертиўи

11Жаратқан Ийениң күшли қолы үстимде болып, бул халықтың жолынан жүрмеўди қатаң ескертип, маған былай деди:

12«Бул халықтың тил бириктириў деп атағанының ҳеш қайсысын,
Тил бириктириў деп атамаң.
Олар қорққан нәрседен қорқпаң, ҳүрейиңиз де ушпасын.
13Әлемниң Жаратқан Ийесин мухаддес деп ҳүрмет қылың.
Оннан қорқың,
Оннан зәрреңиз ушсын,
14Ол Мухаддесхана болады.
Бирақ Израилдың еки патшалығы ушын,
Ол сүрниктиретуғын тас, жығылтатуғын жартас,
Ал Ерусалим турғынлары ушын,
Дузақ ҳәм тор болады.
15Олардың көпшилиги сүрнигип, жығылып,
Мылжа-мылжа болады,
Дузаққа түсип, тутқын болады».
16Бул хабарды жазып, орап байла,
Шәкиртлерим арасында тәлиматты мөрлеп, оларға сақлатқызып қой.

17Мен жүзин Яқыптың урпақларынан жасырған,
Жаратқан Ийени күтемен,
Үмитим тек Оннан.

18Минекей, мен ҳәм Жаратқан Ийе маған берген балалары менен бирге усы жердемен. Бизлер Сион таўында мәкан қурған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Израилдағы нышаны ҳәм белгисимиз.

19Биреўлер сизлерге: «Сыбырлап ҳәм сандырақлап әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан сораң. Халық өз қудайларынан сораўы керек емес пе? Тирилер ушын өлилерден сораў керек емес пе?» – дейди. 20Қудайдың тәлиматына ҳәм хабарына жүз бурың! Егер ким де ким буларға сай сөйлемесе, ол жерде таң нуры болмайды. 21Ол аш ҳәм әбигер болып жер бети бойлап, посып жүреди. Олар аш болғанда, ғәзепленип, өз патшасын ҳәм өз Қудайын нәлетлейди. Олар жоқарыға қараса да, 22жерге қараса да, тилекке қарсы, тек қайғы-ҳәсирет, қараңғылық ҳәм қорқынышлы түнекти көреди ҳәм қойыў қараңғылыққа шүмип кетеди.
Copyright information for KaaIBT22C