‏ Isaiah 9

Тынышлық патшасы

1Деген менен, қайғы ишиндегилер қойыў қараңғылықта болмайды. Бурын Ийемиз Зебулон жери менен Нафталий жерин масқара қылған еди, ал келешекте Иорданның арғы жағасындағы теңизге баратуғын жолдағы басқа миллетлер жасайтуғын Галиланы даңққа бөлейди.

2Түнекте жүрген бул халық,
Уллы нурды көрди,
Терең қараңғылық елинде жасағанлардың,
Үстине нур шашылды.
3Жаратқан Ийе, Сен миллетлерди көбейттиң,
Олардың қуўанышын арттырдың.
Олар жыйын-терим ўақтында қуўанғандай,
Олжа бөлисип атырғанда шадланғандай,
Сениң алдыңда қуўанышқа бөленеди.
4Мидянларды жеңген күндеги сыяқлы,
Сен олардың аўыр мойынтырығын,
Жаўырынына тийетуғын жуўан таяқты,
Езиўшилердиң қолындағы қамшыны сындырдың.
5Әскерлердиң саўашта кийген етиклери,
Қанға былғанған барлық кийимлери,
Жағып жиберилип, отқа жем болады.
6Себеби бизлер ушын бир нәресте туўылды,
Бир ул инам етилди!
Ҳүкимдарлық оның желкесине жүкленеди,
Оның аты: Әжайып Мәсләҳәтши, Күшли Қудай,
Мәңгилик Әке, Парахатшылық Көсеми болады.
7Оның ҳүкимдарлығы тынымсыз өсип,
Тынышлық шексиз ҳүким сүреди.
Ол Даўыттың тахтына отырып,
Оның патшалығында ҳүкимдарлық етеди.
Ҳәзирден баслап мәңгиге,
Әдалатлық ҳәм туўрылық пенен,
Патшалықты тастыйықлап, беккемлейди,
Әлемниң Жаратқан Ийеси жан күйдирип,
Буны иске асырады.

Жаратқан Ийениң Израилға қарсы ғәзеби

8Ийемиз Яқыпқа қарсы сөз жиберди,
Ол Израилға келип түсти.
9Пүткил халық – Эфрайым ҳәм Самария турғынлары буны билди.
Бирақ олар менменлик ҳәм тәкаббирлик пенен былай дейди:
10«Гербиш пенен салынған үйлер қулады,
Орнына жонылған таслардан үй қурамыз,
Жабайы әнжир ағашлары кесип тасланды,
Орнына кедр ағашларын тигемиз».
11Солай етип, Жаратқан Ийе Ресинниң душпанларын,
Оларға қарсы қозғап,
Душпанларды ҳәрекетке келтирди.
12Шығыстан арамлар, батыстан филистлер,
Аўзын ашып, Израилды жутып жиберди.
Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас,
Қолы көтерилиўин даўам етер.

13Халық өзлерин жазалағанға жүз бурмады,
Әлемниң Жаратқан Ийесин излемеди.
14Сонлықтан Жаратқан Ийе Израилдың басын да, қуйрығын да,
Пальма ағашларының шақаларын да, қамысын да,
Бир күнде кесип таслайды.
15Ақсақаллар ҳәм абырайлы адамлар – бул бас,
Жалған пайғамбарлар – бул қуйрық.
16Жол көрсеткенлер бул халықты адастырды,
Оларға ергенлер басы берик көшеге кирип қалды.
17Сонлықтан Ийемиз олардың жаслары ушын қуўанбас,
Жетим ҳәм жесирине жаны ашымас.
Себеби ҳәр бири қудайсыз ҳәм жаўыз,
Ҳәммесиниң аўзынан ақмақ сөз шығар.
Бирақ, сонда да, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас,
Қолы көтерилиўин даўам етер.

18Жаўызлық от киби жанып,
Тикен ҳәм жантақларды жалмап жиберер,
Тоғайдағы қалың ағашларды от алып,
Түтин сүтин болып әласпанға көтерилер.
19Әлемниң Жаратқан Ийесиниң ғәзебинен жер жанар,
Адамлар от ушын отын болып,
Ҳеш ким туўысқанын аямас.
20Олар оң тәрептен тутып жер, бирақ ашлығы басылмас,
Шеп тәрептен алып жер, бирақ қарны тоймас.
Ҳәр ким өз жақынының етин жер.
21Менашше Эфрайымның,
Эфрайым Менашшениң етин жер,
Кейин екеўи биригип, Яҳудаға ҳүжим етер.
Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас,
Қолы көтерилиўин даўам етер.
Copyright information for KaaIBT22C