‏ Jeremiah 1

1Булар Бенямин жериндеги Анатот қаласында жасайтуғын руўханийлердиң бири Хилкия улы Еремияның сөзлери. 2Яҳуда патшасы Амон улы Иошияның ҳүкимдарлығының он үшинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 3Еремияға Жаратқан Ийениң сөзиниң түсиўи Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякинниң дәўиринен, Яҳуда патшасы Иошия улы Седекияның патшалығының он биринши жылының бесинши айына дейин, яғный Ерусалим халқының сүргин етип алып кетилиўине дейин даўам етти.

Еремияның шақырылыўы

4Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

5– Мен сени жатырда пайда етпесимнен алдын таныдым,
Қурсақтан шықпасыңнан алдын сени таңладым.
Сени миллетлер ушын пайғамбар етип тайынладым.

6Сонда мен:

– Ҳаў, Қудай Ийе! Мен қалай сөйлеўди билмеймен, жүдә жаспан, – дедим.

7Бирақ Жаратқан Ийе маған былай деди:

– «Мен жаспан», – деме. Сени кимге жиберсем, ҳәммесине барасаң, не буйырсам, соны айтасаң.
8Олардан қорқпа, сениң менен бирге болып, сени қутқараман, – деди Жаратқан Ийе.

9Кейин Жаратқан Ийе қолын созып, аўзыма тийгизди де маған былай деди:

– Мине, сөзлеримди аўзыңа салдым.
10Қара, суўырып таслаў, қырыў, жоқ қылыў, жер менен жексен қылыў ушын, сондай-ақ қурыў, беккемлеў ушын, бүгин Мен сени миллетлер ҳәм патшалықлар үстинен қойдым.

11Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол:

– Еремия, сен нени көрип турсаң? – деди.

– Бадам ағашының шақасын көрип турман, – деп жуўап бердим мен.

12– Туўры көрдиң, – деди Жаратқан Ийе маған. – Себеби Мен ҳәр бир сөзимниң орынланыўын бақлап тураман.

13Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти. Ол:

– Нени көрип турсаң? – деди.

– Арқа тәрептен жүзи бир тәрепке қыйсайып қайнап турған қазанды көрип турман, – деп жуўап бердим мен.

14Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди:

– Бул жердиң барлық турғынларына арқа тәрептен апатшылық келеди.
15Мен арқадағы патшалықлардың барлық қәўимлерин шақыраман, – деди Жаратқан Ийе.

– Олардың патшалары келип,
Өз тахтларын Ерусалим дәрўазаларының кирер аўзына,
Оны қоршап турған дийўаллардың,
Яҳуданың пүткил қалаларының алдына қояды.
16Халқымның Меннен жүз бурып,
Ислеген барлық жаўызлықлары ушын,
Басқа қудайларға түтетки түтетип,
Өз қоллары менен ислеген нәрселерине табынғаны ушын,
Мен оларға қарсы Өз ҳүкимимди жәриялайман.

17Сен болсаң, белиңди беккем буў. Барып, Мениң саған буйырғанларымның ҳәммесин оларға айт. Олардан қорқпа, болмаса Мен сени олардың алдында қорқыўға саламан. 18Бүгин Мен сени пүткил елге – Яҳуда патшаларына, оның хызметкерлерине, руўханийлерине ҳәм сол жердиң халқына қарсы беккем қала, темир сүтин ҳәм қола дийўал қылдым. 19Олар саған қарсы урысады, бирақ жеңе алмайды. Себеби сени қутқарыў ушын Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C