‏ Jeremiah 10

Ҳақыйқый Қудай ҳәм бутлар

1Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сизлерге айтып атырған сөзлерин тыңлаң! 2Жаратқан Ийе былай дейди:

«Миллетлердиң жолларын үйренбең,
Басқа миллетлер қорққаны сыяқлы,
Аспан белгилеринен қорқпаң.
3Халықлардың дәстүрлери пайдасыз.
Олар тоғайдан ағаш кесип алып,
Устаның қуралы менен оған пишим береди.
4Оны гүмис ҳәм алтын менен безейди,
Жығылып кетпесин деп,
Шеге менен шөккишлеп қағып қояды.
5Бул бутлар палыз атызындағы қарақшыға уқсайды,
Сөйлей алмайды,
Көтерип жүриў керек,
Өзлери жүре алмайды.
Олардан қорқпаң,
Олардың қолынан жаманлық ислеў де,
Жақсылық ислеў де келмейди».

6Жаратқан Ийе, Саған уқсағаны жоқ!
Сен уллысаң, атың да қүдиретке ийе!
7Миллетлер Патшасы, Сеннен қорқпайтуғын ким бар?
Сен буған ылайықлысаң.
Миллетлердиң барлық данышпанлары,
Барлық патшалықлары арасында,
Саған уқсағаны жоқ.
8Бул халықлар ақмақ ҳәм ақылсыз.
Жансыз ағаштан тәлим алады.
9Таршиштен шөккишлеп тегисленген гүмис,
Уфаздан алтын алып келинеди.
Уста ҳәм зергер ислеген нәрсеге,
Қызғыш көк ҳәм шым қызыл кийим кийгизеди.
Ҳәммеси шебер өнерментлердиң иси.
10Бирақ Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай,
Ол тири Қудай ҳәм мәңгилик Патша.
Ол қәҳәрленсе, жер титирейди,
Миллетлер Оның ғәзебине шыдам бере алмайды.

11Бутқа сыйынатуғын халықларға былай деп айтыңлар:
«Жер ҳәм аспанды жаратпаған қудайлар,
Жер бетинен ҳәм аспан астынан жоқ болады».

12Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты,
Даналығы менен дүньяны қурды,
Ақылы менен көклерди жайды.
13Ол гүркирегенде, көктеги суўлар шуўылдайды,
Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди.
Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып,
Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
14Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз,
Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады,
Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
15Олар пайдасыз, масқарапаздың иси,
Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
16Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды,
Ол – пүткил барлықты жаратқан Қудай.
Израил урыўы – Оның мийрасы,
Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.

Апатшылықтың келиўи

17Қамалда жасағанлар,
Бары-жоғыңызды жыйнаң!
18Өйткени Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мине, енди бул жердиң турғынларын ылақтырып таслайман.
Таўып алыўы ушын,
Оларды тар жерге қуўып алып бараман».

19Сорым қурысын, сорлап қалдым!
Жарақатым аўыр! Бирақ мен өзиме:
«Басымда бул дәрт те бар екен,
Шыдаўым керек», – дедим.
20Шатырым қулады, үзилди барлық жиплери,
Балаларым таслап кетти, енди олар жоқ.
Шатырымды қайта тигетуғын,
Перделерин тағатуғын ҳеш ким жоқ.
21Шопанлар ақылдан адасты,
Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады.
Сонлықтан ислери оңынан келмеди,
Ҳәмме сүриўлери тарап кетти.
22Тыңлаңлар, бир хабар киятыр!
Яҳуда қалаларын шөлге,
Сағаллар мәканына айландырыў ушын,
Арқадан уллы шаўқым киятыр!

Еремияның дуўасы

23Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин,
Өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
24Жаратқан Ийе, ғәзебиң менен емес,
Ал әдалатың менен мени тәрбияла!
Болмаса мени қуртасаң.
25Ғәзебиңди Өзиңди танымаған миллетлерге,
Атыңды айтып шақырмаған қәўимлерге төк.
Себеби олар Яқыпты жалмады,
Пүткиллей қырып, жоқ қылып,
Мәканын ўайран етти.
Copyright information for KaaIBT22C