Jeremiah 11
Келисимниң бузылыўы
1Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 2– Мына келисимниң шәртлерин тыңла! Буларды Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына баян ет. 3Оларға айт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Бул келисимниң шәртлерине қулақ аспаған адамға нәлет жаўады. 4Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан, темир ошақтан алып шыққан күнимде оларға былай деп буйрық бердим: „Мениң даўысыма қулақ салың ҳәм буйырған нәрселеримниң бәрин орынлаң. Сонда сизлер Мениң халқым, Мен де сизлердиң Қудайыңыз боламан. 5Солай ислесеңиз, ата-бабаларыңызға берген антымды орынлап, өзлериңиз ҳәзир ийелеген жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди беремен“». Сонда мен: – Аўмийин, Жаратқан Ийе, – деп жуўап бердим. 6Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул сөзлердиң ҳәммесин Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде жәриялап, былай деп айт: «Бул келисимниң шәртлерин тыңлаң ҳәм оларды орынлаң. 7Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққан күннен тап усы күнге шекем үзликсиз: „Сөзиме қулақ салың“, – деп қатты ескертип келдим. 8Деген менен, олар тыңламады, қулақ аспады. Қайтама қырсығып, ҳәр бири жүрегиниң жаман қәлеўлери менен жүре берди. Сонлықтан келисимдеги барлық ғарғысты олардың басына жаўдырдым. Мен оларға буларды орынлаўды буйырған едим, бирақ олар орынламады». 9Соңынан Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынлары арасында бир тил бириктириў жүзеге шықты. 10Олар Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартқан ата-бабаларының айыпларына қайта оралды, басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет етти. Израил халқы да, Яҳуда халқы да Мениң ата-бабалары менен дүзген келисимимди бузды. 11Сонлықтан Мен, Жаратқан Ийе былай деймен: Мен олардың басына қашып қутыла алмайтуғын апат жаўдыраман. Олар Мени шақырса да, Мен оларға қулақ салмайман. 12Кейин Яҳуда қалалары менен Ерусалим турғынлары өзлери хош ийисли түтетки түтеткен қудайларына барып, жалбарынады. Бирақ апатшылық келгенде, бул қудайлар оларды ҳасла қутқармайды. 13Яҳуда, сенде қанша қала болса, қудайларыңның саны да сонша! Жеркенишли бутқа, яғный Баал бутына арнап хош ийисли түтетки түтетиў ушын, Ерусалимде қанша көше болса, сонша қурбанлық орын қурдыңыз. 14Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын жалбарынба да. Себеби апатшылыққа ушырап Мени шақырғанда, Мен оларға қулақ салмайман. 15Сүйикли халқымның Ибадатханамда не жумысы бар? Олар көп жаман ислер қылды. Егер жаўызлық қылып атырып, шадланады екен, қалайынша қурбанлық гөши қабыл алынады! 16Жаратқан Ийе Өз халқына «Сулыў мийўели, жасыл жапырақлы зәйтүн ағашы» деген ат берди. Енди болса, күшли ғалмағаллық шаўқымы астында оған от береди, оның шақалары жанып, набыт болады. 17Бул теректи тиккен Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи оны жоқ қылыўды қарар етти. Өйткени Израил ҳәм Яҳуда халқы жаўызлықлар иследи, Баалға түтеткилер түтетип, Оның ғәзебин келтирди.Еремияға қарсы тил бириктириў
18Жаратқан Ийе маған аян қылды. Олардың жаўыз нийетлерин ашып бергени ушын, мен оннан хабар таптым. 19Мен болсам, баўызлаўға алып баратырылған жуўас бир қозы сыяқлы едим. Олардың маған қарсы тил бириктиргенин билмедим. Олар:«Келиң, ағашты мийўеси менен жоқ қылайық,Буннан былай, оның аты еске алынбаўы ушын,
Тирилер әлеминен кесип таслайық», – деген еди.
20Әдалатлы ҳүким шығаратуғын,
Жүрек-қәлибти сынайтуғын,
Әлемниң Жаратқан Ийеси!
Даўамды Саған тапсыраман,
Олардан қалай өш алғаныңды көрейин!
21Сонлықтан жанымды алмақшы болып: «Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылма, болмаса, қолымыздан өлесең», – деген анатотлылар ҳаққында Жаратқан Ийе айтады. 22Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен оларды жазалайман. Жаслары қылыштан, балалары ҳәм қызлары ашлықтан өледи. 23Ҳеш бири аман қалмайды. Ҳүким қылынатуғын жылы, Мен анатотлылардың басына апатшылық жаўдыраман».
Copyright information for
KaaIBT22C