‏ Jeremiah 12

Еремияның шағымы

1Жаратқан Ийе, даўа-арзымды Саған алып келсем,
Сен бәрқулла ҳақ болып шығасаң.
Сонда да, ҳүким туўралы,
Сениң менен сөйлеспекшимен.
Не ушын жаманның иси жүриседи?
Не ушын сатқынлар тынышлықта жасайды?
2Оларды Сен отырғыздың, олар тамыр жайып,
Өсип, мийўе берди.
Атың аўзынан түспейди,
Бирақ жүреги Сеннен алыс.
3Мени болса, Жаратқан Ийе, Сен таныйсаң,
Мени көресең,
Өзиң ҳаққыңдағы пикирлеримди сынайсаң.
Сол адамларды баўызланатуғын қойдай етип сүйреп,
Сойылатуғын күн ушын ажыратып, тайынла.
4Қашанға дейин жер аза тутып,
Атызларда шөплер солып жатады?
Ол жердиң турғынларының жаман ислери ақыбетинде,
Ҳайўанлар ҳәм қуслар набыт болмақта.
Себеби бул халық:
«Ол бизлерге не болатуғынын көрмейди», – дейди.

Қудайдың Еремияға жуўабы

5«Еремия, пиядалар менен жарысып шаршасаң,
Онда атлар менен қалай жарысасаң?
Жазық жерде сүрниксең,
Онда Иордан бойындағы қалың тоғайда не қыласаң?
6Ҳәтте, әкеңниң үй-иши, туўған-туўысқанларың,
Саған қыянет етти,
Артыңнан қатты сөйледи.
Олар саған жақсы сөйлесе де,
Оларға исенбе.

7Мен үйимди тәрк еттим,
Ийелигимди таслап кеттим.
Жанымдай сүйген халқымды,
Душпанларының қолына бердим.
8Өз халқым Маған тоғайдағы арысландай болды,
Маған ырылдады, соның ушын оны жек көремен.
9Халқым жыртқыш қусқа,
Ҳәр тәрептен топылысқа ушыраған жыртқыш қусқа уқсап қалмады ма?
Барып, барлық жабайы ҳайўанларды топлаң,
Олар Мениң ийелигимди жалмап жутсын.
10Көп шопанлар жүзимзарымды набыт қылды,
Атызымды басқылап таслады,
Сүйикли атызымды тақыр шөлге айландырды.
11Оны ўайран қылды,
Кеўип, алдымда нала шегип атыр.
Барлық жер ўайран болды,
Оған кеўил бөлетуғын ҳеш ким жоқ.
12Шөлдеги барлық тақыр төбелер арқалы,
Қуртыўшылар киятыр.
Жаратқан Ийениң, Мениң қылышым,
Жердиң бир шетинен екинши шетине дейин қырып жояды.
Оннан ҳеш ким аман қалмайды.
13Олар бийдай егип, тикен орды,
Тынбай мийнет етип, рәҳәт көрмеди.
Лаўлаған ғәзебим себепли,
Зүрәәт ала алмай шерменде болдыңыз».

14Жаратқан Ийе былай дейди: «Халқым Израилға берген мүлкиме қол салған барлық жаман қоңсыларын өз жерлеринен суўырып таслайман. Яҳуда халқын да олар менен бирге суўырып таслайман. 15Ҳәммесин суўырып таслағанымнан соң, оларға және реҳим етип, ҳәр бирин өз мийрасына, өз жерине қайтып алып келемен. 16Егер халқыма Баал ҳақы ант ишиўди үйреткени сыяқлы, өзлери де халқымның жолын ықлас пенен үйренип: „Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – деп, Мениң атым менен ант ишиўди үйренсе, онда олар да халқымның арасына орналасады. 17Бирақ Маған қулақ салмаған ҳәр бир миллетти түп-тамыры менен қопарып, набыт қыламан», – дейди Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C