Jeremiah 13
Зығыр белбеў
1Жаратқан Ийе маған: – Барып, зығыр белбеў сатып ал. Оны белиңе байла, бирақ суўға тийгизбе, – деди. 2Жаратқан Ийениң сөзи бойынша мен белбеў сатып алып, оны белиме байладым. 3Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти: 4– Белиңдеги сатып алған белбеўиңди ал да, Перат дәрьясына барып, оны сол жердеги бир жартастың жарығына жасыр. 5Мен Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып, белбеўди Ператтың бойына жасырдым. 6Арадан көп күнлер өткеннен кейин, Жаратқан Ийе маған: – Тур, Ператқа бар да, жасырған белбеўиңди ал, – деди. 7Кейин мен Ператқа кеттим, жасырған жеримди геўлеп, белбеўди алдым. Бирақ белбеў ширип, ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болып қалған еди. 8Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 9– Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яҳуданың тәкаббирлигин ҳәм Ерусалимниң аса менменлигин ширитемен. 10Бул жаўыз халық қайсар жүрегиниң қәлеўин орынлап, Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартты. Басқа қудайларға ерип, оларға хызмет етти, табынды. Соның ушын, олар да усы белбеў сыяқлы ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болады. 11Белбеўдиң денеге жабысып турғаны сыяқлы, Мен де пүткил Израил ҳәм Яҳуда халықларын Өзиме жақын тутқан едим, – дейди Жаратқан Ийе. – Маған атақ-абырай, алғыс ҳәм даңқ келтиреди деп, олардың Өз халқым болыўын қәледим. Бирақ олар қулақ салмады.Шарап қуйылған мес
12– Оларға мына сөзлерди жеткер: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәмме меслер шарапқа толады». Егер олар саған: «Ҳәмме меслердиң шарапқа толатуғынын бизлер не билмеймиз бе?» – десе, 13онда оларға былай деп жуўап бер: «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерде жасайтуғынлардың ҳәммесин – Даўыттың тахтында отырған патшаларды, руўханийлерди, пайғамбарларды ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммесин мәс болғанша шарапқа тойдыраман. 14Мен оларды бир-бирине, ата-аналарын балаларына қарсы қылып қояман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды жоқ қылғанымда аямайман, ашынбайман, реҳим де етпеймен».Сүргин жақынласпақта
15Тәкаббирлик етпей қулақ салып, тыңлаң,Себеби Жаратқан Ийе айтты.
16Үстиңизге қараңғылық жиберместен,
Зулмат таўларында аяғыңыз сүрникпестен алдын,
Қудайыңыз Жаратқан Ийени уллылаң.
Болмаса, Ол сизлер күтип атырған жарықлықты,
Зулматқа айландырып,
Тас түнек қараңғы қылады.
17Егер бул сөзлерге қулақ салмасаңыз,
Онда тәкаббирлигиңиз ушын жаным пинҳамы жылайды,
Көзлерим ашшы-ашшы жас төгеди.
Себеби Жаратқан Ийениң қойлары,
Тутқын етип алып кетиледи.
18Патшаға ҳәм ана ханшаға былай деп айт:
«Тахтыңыздан түсип, жерге отырың,
Өйткени салтанатлы тажыңыз басыңыздан түсип кетти».
19Негебтиң қалалары жабылды,
Оларды ашатуғын ҳеш ким жоқ.
Пүткил Яҳуда сүргин етилди,
Бирде бир адам қалмай сүргин етилди.
20Ерусалим, басыңды көтерип,
Арқадан киятырғанларға қара.
Саған берилген сүриў,
Әжайып сүриў қаяқта?
21Өзиңе аўқамлас қылып жетистирген адамларыңды,
Жаратқан Ийе сениң үстиңнен басшы қылса, не дер екенсең?
Сонда толғақ тутқан ҳаялдың азабындай,
Сен де азап шекпейсең бе?
22Ишиңнен: «Не ушын булар мениң басыма түсти?» – дерсең.
Айыпларыңның көплиги себепли,
Етеклериң ашылды, намысыңа тийилди.
23Хабашстанлы терисиниң реңин,
Қаплан үстиндеги дақларын өзгерте ала ма?
Сол сыяқлы, жаўызлық қылып үйренген сизлер де,
Жақсылық қыла аласыз ба?
24«Мен сизлерди шөл самалы менен суўырылған,
Қаўық сыяқлы ушырып жиберемен.
25Сениң несийбең,
Мен өлшеп беретуғын пайың – усы,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Себеби сен Мени умытып,
Жалғанға үмит байладың.
26Шерменделигиңди көрсетиў ушын,
Мен де етегиңди бетиңе дейин көтеремен.
27Далаларда ҳәм төбешиклер үстинде,
Сен қылған жеркенишли ислерди,
Қыянетиңди, есиркеп киснеўиңди,
Уятсыз бузықшылығыңды көрдим.
Сорың қурысын сениң, Ерусалим!
Пәклениўиң ушын саған және қанша ўақыт керек?»
Copyright information for
KaaIBT22C