Jeremiah 14
Жан түршиктиретуғын қурғақшылық
1Қурғақшылық ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 2«Яҳуда аза тутып,Қалалары қуўрап атыр.
Адамлары жоқлаў айтып, жерде отыр,
Ерусалимнен зарлаған даўыслар шығып атыр.
3Ақсүйеклер қулларын суўға жиберди,
Олар суў сақлағышларға барып, суў таппай,
Бос ыдыслары менен үйлерине қайтты.
Олар албырап, қысынып, жүзин жаўып алды.
4Жерге жаўын жаўмағаннан кейин,
Жер қақ айырылды.
Дийханлар үмитсизликке түсип,
Басын услады.
5Ҳәтте, шөлдеги ана суўын да,
От-шөп болмағаны ушын,
Жаңа туўған баласын таслап кетпекте.
6Қуланлар жалаңаш төбелерде турып,
Сағаллар киби суўық демин алмақта.
Отлақ болмағанлықтан,
Көзлериниң нуры сөнген».
7Айыпларымыз бизге қарсы гүўалық берсе де,
Өз атың ҳүрмети бир нәрсе қыл, Жаратқан Ийе!
Қыянетимиз жүдә аўыр,
Саған қарсы гүна иследик.
8Израилдың үмити,
Азап күнинде Қутқарыўшы!
Неге жеримизге келген келгиндиге,
Түнеп кететуғын жолаўшыға уқсайсаң?
9Неге Сен албыраған адамға,
Қутқарыўға күши жетпейтуғын,
Жаўынгерге уқсайсаң?
Бирақ Сен бизлердиң арамыздасаң-ғо,
Бизлер Сениң атың менен шақырылдық,
Бизлерди тәрк етпе, Жаратқан Ийе!
10Бул халық туўралы Жаратқан Ийе былай дейди:
«Олар ҳақыйқаттан да, қаңғырып жүргенди жақсы көреди,
Аяқларын тыя алмайды.
Сонлықтан Мениң оларға кеўлим толмайды,
Енди айыпларын еске аламан,
Гүналары ушын оларды жазалайман».
11Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул халықтың абаданлығы ушын дуўа етпе. 12Олар ораза тутса да, олардың жалбарыныўларына қулақ салмайман. Жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынса да, Мен оларды қабыл қылмайман. Керисинше, оларды қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен қырып таслайман. 13Сонда мен: – Қудай Ийе, пайғамбарлар бул халыққа қылыш жүзин көрмейсиз, ашлық та болмайды, бул жерде ҳақыйқый абадан турмыс кеширесиз деп атыр, – дедим. 14Жаратқан Ийе маған былай деп жуўап берди: – Пайғамбарлар Мениң атымнан жалған пайғамбаршылық қылмақта. Оларды Мен жибермедим. Оларға буйрық та бермедим, олар менен сөйлеспедим де. Олар сизлерге жалған аянларды, ашқан пайдасыз палын ҳәм өзлериниң жүреклери қәлеген жалғанларды айтып пайғамбаршылық етип жүр. 15Сонлықтан Мениң атым менен пайғамбаршылық етип жүргенлерге былай деймен: «Оларды Мен жибермеген болсам да, олар: „Бул жерге қылыш та, ашлық та жоламайды“, – дейди. Бирақ бул пайғамбарлардың өзлери қылыш ҳәм ашлықтан қаза табады. 16Олар пайғамбаршылық қылған халық та ашлық ҳәм қылыш себепли Ерусалим көшелерине ылақтырылады. Олардың өзлерин де, ҳаялларын да, ул-қызларын да жерлейтуғын ҳеш ким болмайды. Олардың жаўызлықларын өзлериниң басларына жаўдыраман». 17– Сен оларға мына сөзди жеткиз:«Күни-түни көз жасым тоқтамасын.
Себеби пәк қызым – халқым аўыр жарақатланды,
Күшли соққы жеди.
18Далаға шықсам,
Қылыштан қаза тапқанлар,
Қалаға кирсем,
Ашлықтан өлимши болғанларды көремен.
Пайғамбар да, руўханий де,
Өзлери билмейтуғын жерде қаңғып жүр».
19Яҳудадан пүткиллей бас тартқаның ба?
Сионнан да жеркенетуғын болдың ба?
Не ушын бизди шыпасыз қылып жарақатладың?
Бизлер парахатшылық күттик,
Бирақ жақсылық көрмедик.
Шыпа алатуғын ўақытты күттик,
Орнына зәрремиз ушты.
20Жаратқан Ийе, ислеген жаманлықларымызды,
Ата-бабаларымыздың айыпларын мойынлаймыз.
Алдыңда гүна иследик.
21Атың ҳүрмети бизлерден жүз бурма,
Салтанатлы тахтың ҳүрмети аяқ асты қылма.
Бизлер менен дүзген келисимиңди еске ал,
Оны бузба.
22Миллетлердиң жарамсыз бутларының арасында,
Жаўын жаўдыра алатуғыны бар ма?
Ямаса аспан өзлигинен нөсер қуйдыра ала ма?
Қудайымыз Жаратқан Ийе, буны тек ғана Сен ислей аласаң.
Булардың ҳәммесин ислейтуғын Сенсең,
Үмитимиз Сеннен!
Copyright information for
KaaIBT22C