Jeremiah 15
Яҳуда халқына реҳим етилмейди
1Жаратқан Ийе маған былай деди: – Ҳәтте, Муўса менен Самуел алдымда турып жалбарынса да, бул халыққа жүрегим жибимейди. Бул халықты алдымнан қуў, кетсин! 2Егер олар сеннен: «Қай жерге барамыз?» – десе, оларға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди:Өлимге ҳүким етилгенлер – өлсин,Қылышқа ҳүким етилгенлер – қылыш астына түссин,
Ашлыққа ҳүким етилгенлер – ашлыққа ушырасын,
Тутқынлыққа ҳүким етилгенлер – тутқын болсын.
3Оларға төрт түрли жаза бериўди қарар еттим, – дейди Жаратқан Ийе, – өлтириў ушын қылышты, тилкимлеў ушын ийтлерди, жеп, жоқ қылыў ушын көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларды жиберемен. 4Яҳуда патшасы Хизкия улы Менашшениң Ерусалимде ислеген ислериниң ▼ кесири себепли, пүткил жер бетиндеги патшалықлар ушын оларды ҳүрейди ушыратуғын көриниске айландыраман. 5Ерусалим, саған кимниң жаны ашыйды?
Ким сен ушын аза тутады?
Ҳал-жағдай сораў ушын,
Ким қайырылып, саған келер екен?
6Сен Меннен жүз бурдың,
– дейди Жаратқан Ийе, –
Сен арқаңды қараттың.
Сонлықтан қолымды көтерип,
Сени жоқ қыламан.
Сени аяўдан шаршадым.
7Бул жердиң қала дәрўазаларында,
Халқымды гүрек пенен суўыраман.
Перзентлеринен айырып,
Халқымды набыт қыламан.
Өйткени олар жаман жолларынан қайтпады.
8Олардың жесирлери теңиз қумынан да көп болады.
Жигитлериниң аналарының үстине,
Тал түсте набыт қылыўшыны жиберемен.
Тосаттан оларды қайғы ҳәм қорқынышқа саламан.
9Жети балалы ана ҳәлсиреп,
Соңғы демин береди.
Оның қуяшы күндиз-ақ батады.
Ол уятқа қалып, масқара болады.
Аман қалғанларды душпанларының көз алдында,
Қылышқа тапсыраман, – дейди Жаратқан Ийе».
Еремияның шағым етиўи
10Мениң сорым қурысын!Анажан, сен мени пүткил дүнья менен даўласып,
Жәнжеллессин деп туўып па едиң?
Мен ҳеш кимге қарыз бермедим, қарыз да алмадым,
Сонда да ҳәмме мени нәлетлейди.
11Жаратқан Ийе былай деди:
«Мен сени пүткиллей душпанларға беремен.
Апатшылық ҳәм бахытсызлық ўақтында,
Оларды саған жиберемен.
12Темирди, арқадан келген темир ҳәм қоланы,
Ким сындыра алады?
13Елдиң ҳәмме жеринде ислеген гүналарыңыз ушын,
Байлығыңызды ҳәм ғәзийнеңизди,
Душпанларыңызға аңсат олжа қыламан.
14Мен сизлерди өзлериңиз билмейтуғын жердеги,
Душпанларыңызға қул қыламан.
Ғәзебим сизлерге қарсы тутанып,
От болып жанады».
15Жаратқан Ийе, Сен билесең,
Мени ядқа ал, жәрдем бер,
Мени қуўғын қылғанлардан өшимди ал.
Сабырлылығың менен мени набыт қылма,
Билесең, Сен ушын хорлықларға шыдап атырман.
16Сөзлериңди таўып, жедим.
Сөзлериң маған қуўаныш, жүрегиме шадлық алып келди.
Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе,
Мен Сениң атың менен аталғанман.
17Кейпи-сапа қурғанлар менен отырмадым,
Олар менен йошып, шадланбадым.
Сениң қолың үстимде болып,
Мени ғәзепке толтырғаның ушын,
Мен жалғыз отырдым.
18Неге азабымның азары басылмайды?
Неге жарақатым аўыр ҳәм шыпасыз?
Сен мен ушын суўы қурып қала беретуғын,
Алдамшы бир сай болажақсаң ба?
19Буған Жаратқан Ийе былай дейди:
«Егер тәўбе қылсаң, қайта қабыл етип,
Сени хызметиме қояман.
Егер мәниссиз сөйлемей,
Әҳмийетли сөзлерди айтсаң,
Мениң тилим менен сөйлейсең.
Бул халықтың өзлери саған қайтады,
Бирақ сен оларға қайырылып қарама.
20Мен сени бул халық ушын,
Қоладан исленген беккем дийўал қыламан.
Олар сениң менен урысады, бирақ жеңе алмайды.
Қутқарыў ҳәм азат қылыў ушын,
Мен сениң менен биргемен,
– деди Жаратқан Ийе. –
21Сени наҳақлардың қолынан азат етемен,
Реҳимсизлердиң пәнжесинен сатып аламан».
Copyright information for
KaaIBT22C