‏ Jeremiah 16

Яҳуданың қулаўы

1Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:

2– Үйленбе, бул елде ул-қызларың болмасын. 3Бул жерде туўылған ул-қызлар, оларды туўған аналар ҳәм оларды дөреткен әкелер туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: 4Олар аўыр кеселликлерден өледи. Олар ушын жоқлаў айтылмайды, олар жерленбейди. Олар топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады. Қылыштан қаза табады, ашлықтан өледи. Денелери көктеги қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.

5Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Адам қайтыс болған үйге кирме, жоқлаў айтыў ямаса кеўил билдириў ушын барма. Мен бул халықтан тынышлығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм реҳимимди алып қойдым, – дейди Жаратқан Ийе. 6– Бул жерде үлкенинен кишкенесине дейин ҳәммеси өледи. Оларды ҳеш ким жерлемейди, олар ушын жоқлаў айтып, өз денелерин тилип, шашларын алдырмайды. 7Өлиге жоқлаў айтып жылағанларды жубатып, шөрек сындырып беретуғын да, ата-анасын еске алғанда тәселле кесесин усынатуғын да ҳеш ким болмайды. 8Той болып атырған үйге де кирме, олар менен отырып, ишип-жеме.

9Себеби Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сизлердиң күнлериңизде, сизлердиң көз алдыңызда бул жердеги қуўаныш ҳәм шадлық даўысын, келин ҳәм күйеўдиң даўысын тыяман.

10Бул сөзлердиң ҳәммесин халыққа жеткергениңде, олар саған: «Не ушын Жаратқан Ийе бизлерге бул аўыр азаптың барлығын жаўдырмақшы екенин билдирди? Жазығымыз не? Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы қандай гүна иследик?» – дейди. 11Сонда сен оларға былай деп жуўап бер: «Ата-бабаларыңыз Мени тәрк етти, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар басқа қудайларға ерди, оларға хызмет етип, табынды. Мени таслап кетти, Нызамыма әмел қылмады. 12Сизлер болсаңыз, ата-бабаларыңыздан да бетер жаманлық қылдыңыз. Маған қулақ салмай, ҳәр бириңиз қырсықлық пенен жүрегиңиздиң жаманлықларын ислеп атырсыз. 13Соның ушын Мен сизлерди бул жерден шығарып, өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да билмейтуғын жерге ылақтырып таслайман. Ол жерде күни-түни басқа қудайларға хызмет етесиз. Мен сизлерге реҳим қылмайман».

Сүргиннен қайтыў

14«Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – адамлар енди: „Израил халқын Мысырдан алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, демейтуғын болады. 15Буның орнына, „Израил халқын арқадан, Өзи қуўып жиберген барлық жерлерден алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, дейтуғын болады. Себеби Мен оларды ата-бабаларына берген жерге қайтарып алып келемен.

16Мине, Мен көп балықшыларды жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе, – балықшылар оларды тутады. Буннан кейин, Мен көп аңшыларды жиберемен. Аңшылар барлық таў, барлық төбешик ҳәм барлық жартаслардың жарықларынан оларды аўлайды. 17Олардың барлық жоллары Мениң көз алдымда, олар Меннен жасырына алмайды, қылмыслары да нәзеримнен қаша алмайды. 18Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».

19Жаратқан Ийе, Сен мениң күшим ҳәм қорғанымсаң,
Апатшылық күни панамсаң!
Дүньяның төрт тәрепинен миллетлер,
Сениң алдыңа келип былай дейди:
«Бизлердиң ата-бабаларымыз тек жалған қудайларды,
Пайдасыз, жарамсыз бутларды мийрасқа алды.
20Адам өзине қудайларды соға ала ма?
Ақыры, булар Қудай емес-ғо!»

21«Солай екен, бул рет Мен оларға сабақ берейин,
Күшимди ҳәм қүдиретимди көрсетип қояйын.
Сонда олар Мениң атымның Жаратқан Ийе екенин билип алады».
Copyright information for KaaIBT22C