‏ Jeremiah 17

Яҳуданың гүнасы

1«Яҳуданың гүнасы темир қәлем менен жазылды. Бул олардың жүреклериниң тахтасына,
Қурбанлық орынның шақларына,
Шақмақ тас пенен ойып жазылды.
2Ҳәр бир бийик төбешиктеги,
Қойыў жапырақлы теректиң астындағы,
Қурбанлық орынлар менен кийели ағашларға,
Олардың балалары да табыныўын даўам етпекте.
3Жеримдеги таўым үстинде,
Пүткил аймағыңызда қылған гүналарыңыз ушын,
Мен сениң байлығыңды,
Барлық ғәзийнелериңди,
Сыйыныў орынларың менен бирге,
Душпанға олжа қылып беремен.
4Өз айыбың себепли,
Өзиңе берген үлесимнен жуда боласаң.
Мен сени өзиң билмейтуғын жердеги,
Душпанларыңа қул қыламан.
Сизлер Мениң ғәзебимди тутандырдыңыз,
Ол мәңгиге жанады».

5Жаратқан Ийе былай дейди:
«Инсанға исенген,
Инсанның күшине сүйенген,
Жүреги Жаратқан Ийеден алыслаған,
Адамға нәлет жаўсын!
6Ол шөлдеги путаға мегзейди,
Жақсылық келгенде, оны көрмейди.
Ол күйдиретуғын шөлде,
Адамсыз дузлы жерде жасайды.

7Жаратқан Ийеге үмит байлаған,
Оған сүйенген адам қандай бахытлы!
8Ол суў жағасына отырғызылған терекке мегзейди,
Тамырын өзекке қарай жаяды.
Ыссыдан қорқпайды,
Жапырағы бәрқулла жасыл болады.
Жыл қурғақ келсе де, қайғыға батпайды,
Мийўе бериўин тоқтатпайды.

9Адам жүреги ҳәмме нәрседен де ҳийлекер,
Ҳасла дүзелмейди,
Оған ким түсине алады?

10Мен, Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның тутқан жолына,
Ислеген ислерине қарай қайтарыў ушын,
Адамның жүрегине қарайман,
Қәлбин сынайман».

11Ҳарам байлық жыйнаған адам,
Өзи туўмаған мәйекке қурық басқан кекликке уқсайды.
Өмириниң ортасында байлығы қолдан кетип,
Ақырында ол ақмақ болып шығады.

Еремияның дуўасы

12Мухаддес Ибадатханамыз – әзелден көтерилген,
Жаратқан Ийениң салтанатлы тахты!
13Жаратқан Ийе, Израилдың Үмити!
Сени тәрк еткенлердиң ҳәммеси уятқа қалады.
Сеннен жүз бурғанлардың атлары,
Қумға жазылғандай жоқ болады.
Себеби олар тири суў булағын,
Жаратқан Ийени тәрк етти.

14Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, саўалайын,
Мени қутқар, қутқарылайын.
Себеби тек Өзиңе алғыс айтаман.
15Олар маған: «Жаратқан Ийениң сөзи қай жерде?
Ол әмелге ассын», – дей береди.
16Мен хызметиңде шопан болыўдан қашпадым.
Апатшылық күниниң келиўин де тилемедим.
Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөзди Өзиң билесең.
Ол сөзлер Сениң алдыңда айтылған.
17Мениң ҳүрейимди ушырма,
Апатшылық күни панам Өзиңсең.
18Мени қуўғын қылғанлар уятқа қалсын,
Бирақ мени уятқа қалыўдан сақлай гөр.
Оларды қорқыўға сал,
Бирақ мени қорқыўдан сақлай гөр.
Оларға апатшылық күнин жаўдырып,
Еки есе аўыр соққы берип, жоқ қыл.

Шаббат күниниң мухаддеслиги

19Жаратқан Ийе маған былай деди:

– Яҳуда патшалары кирип-шығатуғын Халық дәрўазасына барып, сол жерде тур. Соңынан Ерусалимниң басқа дәрўазаларына да барып тур.
20Халыққа былай деп айт: «Мына дәрўазалардан өтетуғын Яҳуда патшалары, пүткил Яҳуда халқы ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 21Жаратқан Ийе былай дейди: Егер өмириңизди сақлап қалмақшы болсаңыз, онда Шаббат күни жүк тасымаң, оны Ерусалим дәрўазалары арқалы алып өтпең. 22Сол күни үйиңизден жүк шығармаң, ҳеш қандай жумыс ислемең. Мениң ата-бабаларыңызға буйырғанымдай, Шаббат күнин мухаддес сақлаң. 23Деген менен, ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ та салмады. Қайсарлық етип, Мени тыңламады, тәрбиямды алмады. 24Бирақ егер сизлер Маған қулақ салып, – дейди Жаратқан Ийе, – Шаббат күни бул қаланың дәрўазаларынан жүк алып өтпесеңиз, ҳеш қандай жумыс ислемей, Шаббат күнин мухаддес сақласаңыз, 25онда Даўыттың тахтында отыратуғын патшалар өз ҳәмелдарлары менен арбаларға ҳәм атларға минип, Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынларын ертип, бул қаланың дәрўазаларынан киреди. Бул қалада мәңгиге адамлар жасайды. 26Яҳуда қалаларынан, Ерусалимниң әтирапларынан, Бенямин жеринен, батыстағы таў етеклеринен, таўлы үлкеден, Негебтен адамлар келип, Жаратқан Ийениң Үйине жандырылатуғын қурбанлықлары менен басқа қурбанлықларын, ғәлле садақаларын, хош ийисли түтетки менен миннетдаршылық қурбанлықларын алып келеди. 27Егер де Мени тыңламасаңыз, Шаббат күни Ерусалим дәрўазаларынан жүк пенен кирип, мухаддес Шаббат күнин мухаддес сақламасаңыз, онда қала дәрўазаларына от беремен. От Ерусалим сарайларын жандырып жоқ қылады, ол ҳеш қашан сөнбейди».
Copyright information for KaaIBT22C