Jeremiah 18
Еремия гүлалшының үйинде
1Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 2– Тур, гүлалшының үйине бар, сол жерде Өз сөзимди аян қыламан. 3Мен гүлалшының үйине барғанымда, оның гүлал әсбабын айландырып жумыс ислеп отырғанын көрдим. 4Ылайдан ислеп атырған ыдысы гүлалшының қолында бузылып кеткенде, ол сол ылайдан өзиниң көзине жаққандай басқа бир ыдысты шығарды. 5Сол ўақытта Жаратқан Ийеден маған сөз түсти: 6– Ҳәй, Израил халқы, мына гүлалшының өз ыдысына ислегениндей нәрсени, Мен де сизлерге ислей алмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Ылай гүлалшының қолында қандай болса, Израил халқы, сизлер де Мениң қолымда сондайсыз. 7Қәлеген ўақытта Мен қандай да бир миллет ямаса патшалықты түп-тамыры менен суўырып таслаў, қулатыў ҳәм жоқ қылыў туўралы шешим қабыл ете аламан. 8Бирақ Мен айтқан сол халық жаўызлықлары ушын тәўбе қылса, оның басына жаўдыратуғын апатшылығымнан ўаз кешемен. 9Айтайық, Мен бир миллетти ямаса патшалықты қурып, беккемлеў туўралы жар салсам, 10бирақ сол миллет Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди қылып, сөзиме қулақ салмаса, онда Мен оған ислемекши болған жақсылығымнан ўаз кешемен. 11Сонлықтан енди Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сизлерге бир апатты таярлап, бир жоба ойлап атырман. Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди дүзетиң». 12Бирақ олар: «Бизлер ушын әўере болмаң! Өз нийетимизди иске асыра беремиз, ҳәр биримиз жаўыз жүрегимиздиң қайсарлығы менен ис тута беремиз», – дейди. 13Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди:«Миллетлерден сораң,
Буған уқсаған нәрселерди ким еситипти?
Пәк қыз Израил,
Қорқынышлы ис қылды.
14Лебанон жартаслы жанбаўырларындағы,
Қарлар ҳеш ерип, жоқ болар ма?
Алыс таўлардан ағып келген муздай суўлар,
Ада болар ма екен?
15Бирақ Мениң халқым Мени умытты.
Олар пайдасыз бутларға түтетки түтетти.
Булар оларды өз жолында сүрниктирди,
Ески жоллардан адастырды.
Олар туўры жолдан шығып,
Терис жолдан жүрип кетти.
16Олардың жери қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланады,
Жанынан өткенлердиң жүреги суўлап,
Басларын шайқайтуғын болады.
17Шығыс самалы киби,
Оларды душпанларының алдына шашаман.
Олар апатшылыққа ушырағанда,
Жүзимди бурып, арқамды көрсетемен».
Еремияны өлтириў жобасы
18Сонда халық: – Келиң, Еремияға қарсы тил бириктирейик. Руўханийлер үйрететуғын Нызам да, данышпанлардың мәсләҳәти де, пайғамбарлардың сөзлери де бизлерге жетерли. Еремияға қарсы сөйлеп, оның ҳеш бир сөзине қулақ аспайық, – деди. 19– Жаратқан Ийе, мени тыңла,Душпанларымның сөзлерин есит!
20Неликтен жақсылыққа жаманлық қайтармақшы?
Олар маған гөр қазды.
Оларға деген ғәзебиңди басыў ушын,
Олардың ийгилигин гөзлеп,
Алдыңда қалай жалбарынып турғанымды есиңе ал.
21Буның ушын, балаларын ашлыққа ушырат,
Оларды қылыш жүзине тапсыр.
Аналары перзентлеринен айырылсын,
Ҳаяллары жесир болып қалсын,
Еркеклери әжел тапсын,
Жаслары урыста қылыштан қаза тапсын.
22Тосаттан үстине қарақшыларды жибергениңде,
Үйлеринен дад-пәрияд еситилсин.
Себеби мени түсириў ушын гөр қазды,
Аяғымның астына тор таслады.
23Жаратқан Ийе, Сен олардың мени өлтириў ушын,
Дүзген барлық жобаларын билесең.
Олардың айыпларын кеширме,
Гүналарына көз жумба.
Олар Сениң алдыңда қуласын,
Ғәзепленгениңде оларға қарсы ис тут.
Copyright information for
KaaIBT22C