Jeremiah 19:1-6
Сынған гүзе
1Жаратқан Ийе былай деди: – Барып, гүлалшыдан ылайдан исленген гүзе сатып ал. Жаныңа халық ақсақалларынан ҳәм руўханийлердиң жасы үлкенлеринен алып, 2Сынған гүзелер деген дәрўаза арқалы шығып, Бен-Ҳинном ойпатлығына бар. Саған айтпақшы болған сөзлеримди сол жерде жәрияла. 3Оларға былай де: «Ҳәй Яҳуда патшалары менен Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул жерге сондай апатшылық алып келемен, ол туўралы еситкен адамның қулақлары шуўылдайды. 4Себеби бул халық Мени тәрк етип, бул жерди ҳарамлады. Олар бул жерде өзлери де, ата-бабалары да, Яҳуда патшалары да билмеген басқа қудайларға қурбанлық жандырып, бул жерди бийгүна адамлардың қанына толтырды. 5Олар Баалға арнап сыйыныў орынларын қурды ҳәм өз балаларын отқа жағып, Баалға жандырылатуғын қурбанлық қылып берди. Мен оларға булай ислеўди буйырған да, айтқан да жоқпан, бундай нәрсе қыялыма да келмеген. 6Мине, сондай ўақытлар келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – бул жер артық Тофет яки Бен-Ҳинном ойпатлығы деп емес, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады.
Copyright information for
KaaIBT22C