Jeremiah 20
Еремия ҳәм руўханий Пашхур
1Жаратқан Ийениң Үйиниң бас хызметкери руўханий Иммер улы Пашхур Еремияның пайғамбаршылық етип усы сөзлерди айтып атырғанын еситти. 2Пашхур Еремия пайғамбарды урып, Жаратқан Ийениң Үйиниң Жоқарғы Бенямин дәрўазасы жанында буғаўлатып қойды. 3Ертеңине, Пашхур оны буғаўдан босатқан ўақтында, Еремия оған былай деди: – Жаратқан Ийе сени Пашхур деп емес, ал Магор-Миссабиб ▼▼ Магор-Миссабиб – «қорқынышқа бүркенген» дегенди билдиреди.
деп атады. 4Себеби Жаратқан Ийе былай дейди: «Басыңа түсетуғын ислер арқалы Мен сени ҳәм ҳәмме досларыңды қорқынышқа саламан. Олардың душпан қылышынан қалай қулағанын өз көзиң менен көресең. Мен пүткил Яҳуданы Бабилония патшасының қолына беремен. Бул патша оларды Бабилонға сүргин қылады ямаса қылыштан өткереди. 5Мен бул қаланың пүткил байлығын, мал-мүлкин, қымбатбаҳа затларын, Яҳуда патшаларының барлық ғәзийнелерин душпанларының қолына беремен. Оларды талан-тараж етип, Бабилонға алып кетеди. 6Ал Пашхур, сен ҳәм үйиңде жасайтуғынлардың ҳәммеси Бабилонияға сүргин қылынасыз. Сен де, өзиң пайғамбаршылық еткен досларың да сол жерде өлип, сол жерде жерленесиз». Еремияның шағым етиўи
7Жаратқан Ийе, Сен мени алдадың,Мен де алдандым.
Сен меннен күшлисең, мени жеңдиң.
Ҳәр бир адам үстимнен күлип,
Күни бойы мени мазақлап жүр.
8Қашан сөйлей басласам, пәрияд етемен,
«Зорлық ҳәм қырғын болады», – деп бақыраман.
Жаратқан Ийе, Сениң сөзиң себепли,
Күн бойы аяқ асты болып, күлкиге қаламан.
9Егер ишимнен: «Енди Сен туўралы ойламайман,
Сениң атыңнан сөйлемеймен», – десем де,
Сөзлериң жүрегимди от киби,
Сүйеклеримди шоқ киби өртейди,
Оны ишимде сақлаўдан шаршадым,
Артық шыдай алмайман.
10Көплердиң: «Жән-жақты қорқыныш қаплаған!
Үстинен шағым қылың!
Бизлер де шағым қылайық!» – деген сыбырлысын еситемен.
Сырлас досларымның ҳәммеси,
Қулаўымды күтип, көз тигип:
«Бәлким ол алданар, қолға түсер,
Сонда өшимизди алармыз», – дейди.
11Бирақ Жаратқан Ийе, Сен батыр жаўынгер киби,
Мениң менен биргесең,
Сонлықтан мени қуўғын қылыўшылар сүрнигип,
Мени жеңе алмайды.
Табысқа ерисе алмай,
Олар қатты уятқа қалады,
Олардың аяқ асты болғаны,
Ҳеш қашан умытылмайды.
12Әлемниң Жаратқан Ийеси, ҳақларды сынайтуғын,
Жүрек-қәлибти анық көре алатуғын Сенсең!
Даўамды исенип Саған тапсыраман,
Олардан қалай өш алғаныңды көрсет маған.
13Жаратқан Ийеге алғыс айтың!
Жаратқан Ийеге қосық айтың!
Жаратқан Ийени алғыслаң!
Себеби жарлының жанын,
Залымлардың қолынан Ол қутқарады.
14Мен туўылған күнге нәлет жаўсын!
Анам мени туўған күн қутлы болмасын!
15«Уллы болдың», – деп әкеме хабар берген,
Оны қуўандырған адамға нәлет жаўсын!
16Сол адам Жаратқан Ийе аяўсыз қырған,
Қалаларға ▼ уқсасын.
Ол таң азанда аҳыў-нала,
Түсте урыс сүренин еситсин.
17Өйткени ол анамның қурсағында мени өлтирмеди.
Сонда анам мениң қәбирим болар еди,
Оның қурсағы мәңгиге ҳәмиле менен қалар еди.
18Мен не ушын қурсақтан шыққан екенмен?
Азап ҳәм қайғыны бастан кеширип,
Шерменделик пенен өмир сүриў ушын ба?
Copyright information for
KaaIBT22C