‏ Jeremiah 21

Жаратқан Ийениң Ерусалимге қарсы шығыўы

1Патша Седекия Малкия улы Пашхур менен Маасея улы руўханий Сефанияны Еремияға жибергенде, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Пашхур менен Сефания Еремияға:

2– Бабилония патшасы Набуходоносор бизлерге урыс ашты. Сол себепли бизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарын. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлер ушын бурынғыдай әжайып кәраматларынан бирин көрсетип, Набуходоносор елимизден шегинер, – деди.

3Еремия оларға Седекияға мынаны айтып барыўды тапсырды:

4– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң сыртқы дийўалларыңызды қамал қылған Бабилония патшасына ҳәм калдейлерге қарсы қолланып атырған қолларыңыздағы қуралларды өзлериңизге қарсы бураман. Олардың ҳәммесин бул қаланың ортасына топлайман. 5Күшли билегим ҳәм созылған қолым мениң ашыўға, қәҳәрге ҳәм ғәзепке минип, Мениң Өзим сизлерге қарсы урысаман. 6Мен бул қалада жасаўшылардың ҳәммесин: адамларды да, ҳайўанларды да жоқ қыламан. Олар қорқынышлы иллеттен қырылады. 7Буннан кейин, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшасы Седекияны, оның ҳәмелдарларын, бул қаланың турғынларын, яғный иллеттен, қылыштан ҳәм ашлықтан аман қалғанларының ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм жанын алыўды қәлеген душпанларының қолына тапсыраман. Набуходоносор оларды қылыштан өткереди, оларға реҳим етпейди, жаны ашымайды, аямайды».

8Бул халыққа айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мине, Мен өмир жолы менен өлим жолын усынаман. 9Бул қалада қалған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал қаладан шығып, өзлерин қамал қылып турған калдейлерге тәслим болған ҳәр бир адам болса, жанын қутқарып, өмирин сақлап қалады. 10Мен бул қалаға жақсылық қылыў ушын емес, – дейди Жаратқан Ийе, – ал апатшылық келтириў ушын бет бурдым. Қала Бабилония патшасының қолына бериледи, ол қалаға от қояды».

11Яҳуда патшасының үй-ишине айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! 12Ҳәй, Даўыттың нәсили, Жаратқан Ийе былай дейди:

Ҳәр күни азанда әдалатты жүзеге асырың,
Жәбирленгенди залымның қолынан азат етиң.
Болмаса, қылған жаўызлықларыңыз себепли,
Ғәзебим оттай лаўлап жанады,
Оны ҳеш ким сөндире алмайды.
13Ҳәй, ойпатлықтағы бийик жартас,
Тегислик үстиндеги Ерусалим!
Мен саған қарсыман!
– дейди Жаратқан Ийе. –
Сизлер: „Ким жоқарыдан асып түсип, бизге қарсы шыға алады?
Ким қорғанымызға кире алады?“– дейсизлер.
14Мен сизлерди ис-ҳәрекетиңизге жараса жазалайман,
– дейди Жаратқан Ийе. –
Тоғайларыңызға от беремен,
От әтирапыңыздағылардың ҳәммесин жалмайды».
Copyright information for KaaIBT22C